Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-март күни Қазақстан Республикасының Бас министри Олжас Бектенов басшылығындағы ҳүкимет делегациясын қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы Бас министр Олжас Бектеновты жақында усы лаўазымға тайынланғаны менен қызғын қутлықлады ҳәм жуўапкершиликли жумысында үлкен табыслар тиледи.

Өз гезегинде, Қазақстан Ҳүкиметиниң басшысы Өзбекстан Президентине Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы көп тәреплеме шерикликти буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды. Атап айтқанда, болажақ жоқары дәрежедеги биргеликтеги илажларға таярлық шеңберинде бирге ислесиўдиң жаңа күн тәртибин қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылды.

Өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў процесинде, соның ишинде, ўәкилликли министрлер басшылығындағы жумысшы топар шеңберинде тосқынлықларды сапластырыў ҳәм өз-ара келисилген илажларды көриў зәрүр екени атап өтилди.

Мәмлекетлеримиздиң стратегиялық шериклигинде әҳмийетли бағдарлар болған санаат, транспорт ҳәм логистикада кооперацияны кеңейтиў мәселелери додаланды.

Тийкарғы тармақлардағы инвестиция бағдарламаларының жаңа портфелин ҳәм транспорт ҳәм энергетика тараўындағы регионаллық әҳмийетке ийе инфраструктуралық жойбарларды жедел алға қойыў мақсетке муўапық екени атап өтилди.

Өзбекстан Президенти Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди түп-тийкарынан кеңейтиў мақсетинде ҳүкиметлер дәрежесинде тығыз ҳәм системалы байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екенин атап өтти.

ӨзА