Өзбекстан СИМ басшысы Бахтиёр Саидов  басшылығындағы делегация Қабулда Аўғанстанныӊ ўақытша ҳүкиметиниӊ бир қатар ҳәмелдар шахслары менен ушырасты.

Атап айтқанда, бас министр молла Муҳаммад Ҳасан Охунд, оныӊ орынбасарлары Мавлавий Абдул Салом Ҳанафий ҳәм Мулла Абдул Ғани Бародар, сыртқы ислер министри Мавлавий Амир Хон Муттақий, ИИМ басшысы Халифа Сирожиддин Ҳаққоний ҳәм басқалар менен сөйлесиўлер өткерилди.


Ушырасыўларда экономикалық байланысларды беккемлеў, исбилермен топарлар арасындағы қатнасықларды жақсылаў ушын еӊ қолайлы шараятларды жаратыўға айрықша итибар  қаратылды, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги