Дүнья жүзилик Жаслар фестивалы – Россия Президентиниң пәрманына тийкарланып өткерилетуғын дүнья көлеминдеги жасларға байланыслы ең  үлкен илажлардың бири болып есапланады.

Шоманай районындағы қәнигелестирилген мектептиң 11-класс оқыўшысы Айнура Ережепбаева усы жыл 1-7-март күнлери Россия Федерациясының Сочи қаласында болып өткен Пүткил дүнья жүзилик Жаслар фестивалында елимиз жаслары атынан қатнасып қайтты.

– Россия Президенти Владимир Путинниң пәрманына бола Пүткил дүнья жүзилик жаслар фестивалына Өзбекстанның атынан қатнасыў ушын мирәт етилген 100 талабанның қатарында мен де қатнасқанымнан қуўанышлыман,-дейди Айнура Ережепбаева.

Россияның Сочи қаласында ўақтымыз мазмунлы өтти. Ҳәр қыйлы тараўлар бойынша көплеген жаңалықлардан хабардар болдық, дослар арттырдық.


Фестивальға 20 мыңнан аслам россиялы ҳәм сырт елли бизнес, медиа, халықаралық бирге ислесиў, мәденият, илим, билимлендириў, волонтёрлық ҳәм қайырқомлық, спорт ҳәм жәмийетлик турмыстың басқа да ҳәр қыйлы тараўларындағы жас лидерлер ҳәм өспирим жастағы жаслар жыйналды.

Онда ҳәзирги заманға мүнәсип өз жолын тапқан белсенди жаслар өз-ара сәўбетлесиў, пикир алысыў ҳәм жаңалықлардан хабардар болыў мүмкиншилигине ийе болды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги