Қазақстан Республикасы 2024-2026-жылларда Аралды қутқарыў халықаралық қорына басшылық етеди. Қор Атқарыў комитетиниң баслығы Асхат Оразбай усы мүддет ишинде әмелге асырылыўы режелестирилген илажлар ҳаққында мағлыўмат берди.

«Халық саны көбейип атырған, мәмлекетлер экономикасы жедел өсип атырған, жан басына суўдан пайдаланыў артып атырған заманагөй шараятта тәбиятқа, қоршаған орталыққа жүклемелер көбеймекте. Антропоген тәсириниң бул тәризде күшейиўи глобаллық климат өзгериўи процесслерин де жеделлестиреди. Әсиресе, Орайлық Азияда бул процесслер планетамыздағы орташа көрсеткиштен де жеделирек өтеди. Атап айтқанда, Арал теңизи бассейниндеги экологиялық кризис суў дәреклериниң патасланыўы ҳәм жетиспеўи, жер деградациясы, үлкен аймақлардың босап қалыўы, тоғайлар, эколандшафт ҳәм биологиялық көптүрлиликтиң жоқ болып кетиўине алып келмекте. Арал теңизиниң қурып қалған үлкен аймағында жаңа саҳра – 54 мың квадрат километрден аслам Аралқум жүзеге келди», – дейди Аралды қутқарыў халықаралық қоры Атқарыў комитетиниң баслығы.

Атап өтилиўинше, жүзеге келген жағдай бул бағдарда бирге ислесиўдиң жаңа механизмлерин ислеп шығыўды талап етпекте. Соған бола, Қазақстан басшылық дәўиринде суў дәреклеринен пайдаланыў және оларды қәстерлеп сақлаў, экологиялық машқалаларды шешиў, жасыл экономика усылларын енгизиў бағдарындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўди режелестирген. Атап айтқанда, қор басқарма тәрепинен мақулланған еки бағдарлама (Арал теңизи бассейни мәмлекетлерине жәрдем көрсетиў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасы ҳәм Орайлық Азияның турақлы раўажланыўы ушын қоршаған орталықты қорғаў регионаллық бағдарламасы) әмелге енгизиледи.

Қазақстан Жәҳән банки жәрдеминде қурып атырған теңиздиң бир бөлеги – Киши Арал ямаса Арқа Аралды тиклеў ушын илажлар әмелге асырды. Регионда сексеўил егиў илажы даўам еттирилмекте. Ҳәзирги ўақытта, Сырдәрья суўы ҳәм оған муўапық түрде Арқа Арал суўы азайыўдан тоқтамады.

«Балықшылық қысқарды ҳәм бул жергиликли халықтың бәнтлигине унамсыз тәсир көрсетпекте. Шөллениў ҳәм суў сапасының төменлеўи себепли халықтың арасында кеселликлер және де артпақта. Хош, апатшылық және қайталана ма? Жергиликли халықтың кейпияты, режелери қандай? Сораўлар көп ҳәм олардың ҳәммеси бир-бирине тығыз байланыслы», – дейди Асхат Оразбай.

Қор ўәкили барлық машқалаларды избе-из түрде үйрениў тийкарында шешимлер ислеп шығыўды усыныс еткен.

Мәселен, Арал теңизи бассейни мәмлекетлерине жәрдем көрсетиў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасында 12 программалық усынысты алға қойды. Соның ишинде, суў ҳәм аўыл хожалығы, энергетика тараўларын климат өзгериўлерине үнлес ҳалда реформалаў нәзерде тутылмақта.

Бул бағдарда Орайлық Азияның биологиялық ресурсларын қәстерлеп-сақлаў, регионда экологиялық инновацияларды енгизиўге қаратылған бир қатар жойбарлар әмелде енгизиледи.

Қор Атқарыў комитети басшылығына бола, Қазақстанның басшылығы дәўиринде региондағы барлық мәмлекетлердиң мәплерин есапқа алған ҳалда суў-энергетика дәреклеринен нәтийжели пайдаланыў механизмин жаратыў, Арал теңизи бассейнинде суў дәреклерин басқарыў, бөлистириў ҳәм мониторинг етиўдиң автоматластырылған бирден-бир системасын енгизиўге де итибар қаратылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги