Президентимиздиң 2022-жыл 19-январь күнги «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына ҳәм 11-апрель күни жаслар мәселелери бойынша өткерилген мәжилисинде додаланған мәселелерге байланыслы бир қатар  ўазыйпалар белгиленген еди. Оның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткен жыл даўамында орынларда бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Мойнақ районында 2023-жыл даўамында жаслар сиясаты тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм олар менен ислесиў системасын және де раўажландырыў, Қарақалпақстан ушын қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманларға муўапық, бир қатар илажлар әмелге асырылған.

 

  • Ҳәзирги күнде жасларды социаллық-экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде тек ғана «Жаслар дәптери» арқалы 14-30 жас аралығындағы кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери ҳәм қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў ушын 30 ға шамалас имканиятлар берилген,-дейди Жаслар ислери агентлиги Мойнақ районлық бөлиминиң баслығы Парахат Умирзаков.

Усы имканиятлар тийкарында районымыздан көплеген жаслар студент болыў бахтына миясар болды. Атап айтқанда, өткен жылы Президентимиздиң тийисли қарары тийкарында Мойнақ районында 45 жас қосымша квота тийкарында жоқары оқыў орынларына қабыл етилди.


Өткен жылы район аймағындағы мәҳәлле жетекшилери тәрепинен үйме-үй жүрип хатлаў нәтийжесинде 14-30 жасқа шекемги 7224 жас  анықланып, олар тәрепинен билдирилген машқалалар толық сапластырылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 7-июнь күнги «Жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында «Жаслар дәптери»не 2023-жыл даўамында жәми 956 жас дизимге алынып, олардың барлығына әмелий жәрдемлер көрсетилди.

Соның ишинде, «Жаслар дәптери» қоры есабынан 86 жасқа, жәми 375,1 миллион сумлық субсидия тийкарында мийнет қураллары алып берилди, 115 студент-жасқа, жәми 354,1 миллион сумлық контракт пулларының бир бөлеги төлеп берилди, 28 наўқас жасларға, жәми 85,1 миллион сумлық емлениў қәрежетлери төлеп берилди, 9 жастың 43,2 миллион сумлық мобилизациялық шақырыў резерви қаржылары қаплап берилди. Сондай-ақ, 14 жасқа транспорт айдаўшылық гүўалығын алыўға оқыў курсларында оқытыў ушын 18,3 миллион сум қаржы төлеп берилди,  23 жасқа илим бағдарындағы таярлық курсларына қатнаўы ушын 29,3 миллион сум муғдарында оқыў курсы қаржылары қаплап берилди, 14 жасқа «Келешек кәсиплери» жойбары тийкарында шет тиллери ҳәм IT бағдарлары бойынша оқытыў ушын 24,2 миллион сум муғдарында курс қәрежетлери төлеп берилди.

Атап өте берсек, көплеген мәселелер бойынша әмелий илажлар әмелге асырылды. Мәселен, 18 жасқа 5,1 миллион сумлық биометрикалық паспорт (ID карта) алыўы ушын қаржылары қаплап берилип, 1 жасқа олимпиада шеңберинде таңлаўларда қатнасыўы ушын 1,1 миллион сумлық қаржы берилди.  1 оқыўшы  1,3 миллион сумлық қысқы мектеп формалары менен тәмийинленди.

Соның менен бирге, дәптерге киргизилген 336 жас жумысқа жайластырылып, 10 жумыссыз жасқа аўыл хожалығында егин егиў менен шуғылланыўы ушын жер майданлары ажыратып берилди, 51 жас кәсип-өнерге бийпул оқытылып,  35 жасқа өз исбилерменлигин баслаўы ушын 705,8 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредит ажыратып берилди.

Өткен жыл даўамында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилген «Бәнтлик бағдарламасы»на муўапық  508 жастың бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилген еди ҳәм бул реже жыл даўамында толық орынланды.

Соның ишинде, 397 жас турақлы жумыс орынларына жайластырылды,  46 жас кәсип-өнерге оқытылды, 39 жасқа субсидия тийкарында мийнет қураллары алып берилди, 26 жасқа исбилерменлик жумысын баслаўы ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратыў арқалы жасларымыздың бәнтлиги тәмийинленди.

Бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, оларды мәденият, көркем өнер ҳәм спортқа кең қамтып алыў мәселелерине үлкен итибар қаратылмақта.

«2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде
2023-жыл даўамында мәҳәллелерде 200 ден аслам илаж хәм жойбарлар шөлкемлестирилип, оларға 7 мыңнан аслам жаслар қамтып алынды.

Жасларымыздың шет тиллерине болған қызығыўшылығы нәтийжесинде көплеген жасларымыз тил үйренип сертификат алыў бойынша Өзбекстан Республикасы көлеминде 6428 сертификат пенен екинши орында бармақта.

Әлбетте, буның ҳәммеси  Президентимиздиң Қарақалпақстанға қаратып атырған итибары, жаслар ушын жаратып берген шараятлары ҳәм өз гезегинде районымыз жасларының билим алыўға болған ҳәрекетиниң жемиси болып есапланады. Әлбетте, олардың жетискенликлери – бул районымыздың жетискенлиги. Бундай жетискенликлер   тынымсыз мийнет ҳәм ҳәрекет нәтийжесинде болады.

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели түрде даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги