АҚШтың Нью-Йорк қаласында БМШ Ҳаял-қызлар жағдайы бойынша комиссиясының 68-сессиясы болып өтпекте.

Онда Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик мәселелери бойынша республикалық комиссияның баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы қатнаспақта.

Бул комиссия БМШ Экономикалық ҳәм социаллық кеңестиң жумысшы уйымы болып, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм алға қойыў бойынша халықаралық стандартларды және олардың орынланыўы бойынша усынысларды ислеп шығыў менен шуғылланады.

Еки ҳәпте даўам ететуғын илажда БМШ ҳәм пуқаралық жәмийети ўәкиллери Пекин декларациясының әмелге асырылыўын додалайды.

Сессия кәмбағаллықты сапластырыў, институтлар потенциалы ҳәм қаржыландырыўды күшейтиў арқалы гендер теңликке ерисиў ҳәм барлық ҳаял-қызлардың имканиятларын кеңейтиўге бағышланады.

Сапар шеңберинде, сондай-ақ, БМШ структураларының басшылары, бир қатар мәмлекетлердиң президентлери, ҳүкимет басшылары ҳәм министрлери менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилиўи режелестирилген.

Н.Абдураимова,

ӨзА