Өзбекстанда Ийд әл-Фитр – Рамазан ҳайт байрамы үш күн белгиленеди. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-декабрьдеги «2018-жылда рәсмий сәнелерди белгилеў ўақтында қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы ПФ-5290-санлы пәрманында сөз етилген, деп жазады Kun.uz сайты.

«Халқымыздың жақсылық, мийрим-шәпәәт ҳәм қолы ашықлық, аўызбиршилик сыяқлы жоқары пазыйлетлери, сондай-ақ, миллий-диний қәдириятларды сақлаў ҳәм улығлаў мақсетинде 2018-жылдан баслап Қурбан ҳайт ҳәм Рамазан ҳайт сыяқлы муқаддес байрамларды белгилеў ушын байрам күнлерине жақын жумыс күнлерине айрықша дем алыс күнлерин көшириў жолы менен избе-из үш күн дем алыс күни енгизиледи», – деп жазылған Президент пәрманына түсиникте.

Пәрманға муўапық, Қурбан ҳайтында да үш күнлик дем алыс күни жәрияланады.

Еслетип өтемиз, 2018-жылы Рамазан ҳайтының биринши күни ай көринисине қарап белгиленеди. Ол Рамазан айының 29 ямаса 30 күн болыўына қарай, июнь айының 15- (жума) яки 16-сәнеси (шемби)не туўра келеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги