Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Халықаралық ислам саўда-қаржы корпорациясы арасында экономикалық бирге ислесиўди тереӊлестириў мақсетинде 100 миллион доллар муғдарындағы “Мурабаҳа” қаржыландырыў келисими ҳәм агентлик келисимине қол қойылды.
Келисим Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры арқалы мәмлекетте азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеўге қаратылған.
Қаржы 24 айға шекемги мүддетте қолайлы шәртлерде еки траншта ажыратылады. Бул қаржылар Өзбекстан халқыныӊ мүтәжиклерин қанаатландырыў, мәмлекет аграр секторыныӊ турақлылығын ҳәм раўажланыўын қоллап-қуўатлаўға имканият береди.
Халықаралық ислам саўда-қаржы корпорациясы (ITFC) Ислам раўажланыў банкиниӊ тийкарғы институты болып, оныӊ ўазыйпасы Ислам бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер арасында экономикалық өсиў ҳәм саўданы раўажландырыўды хошаметлеўден ибарат.
Ш.Маматуропова, ӨзА