Орайлық Азия ҳәм Корея арасындағы бирге ислесиўди және де тереңлестириў шеңберинде Орайлық Азия халықаралық институтында Корея қорының вице-президенти, «Корея – Орайлық Азия» бирге ислесиў форумы секретариатының атқарыўшы директоры Чон Кук Ри менен ушырасыў болып өтти.

2017-жыл Корея қорының жанында шөлкемлестирилген «Орайлық Азия + Корея» бирге ислесиў форумы секретариатының мақсети Форум шеңберинде системалы түрде жойбарларды әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаў арқалы тәреплердиң бирге ислесиўин беккемлеўден ибарат.

Ушырасыўда ОАХИ ҳәм Секретариат жумысының тийкарғы бағдарлары додаланды, «МО+» форматы шеңбериндеги бирге ислесиў перспективалары белгилеп алынды.

Чон Кук Ри Өзбекстанның регион ҳәм Корея шериклигин беккемлеўге қосқан үлесин жоқары баҳалады ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў режеси менен таныстырды.

Өз-ара сөйлесиў ҳәм шериклик ушын қосымша майданға айланатуғын болажақ Корея – Орайлық Азия таллаў орайлары форумының әҳмийетине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында мийман ОАХИ ҳәм Секретариаттың регион ҳәм Корея мәпине сәйкес келетуғын улыўма мақсети, ўазыйпасы бар екенин атап өтти, мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў және де кеңейетуғынына үмит билдирди.


Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы