Пайтахтымыздағы Жазыўшылар қыябанында Өзбекстан халық шайыры Зульфияханым Исроилова туўылған күниниӊ 109 жыллығына бағышланып әдебий-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Бәҳәр ҳәм бахыт, меҳир ҳәм садықлық жыршысы Зульфияханымныӊ естелигине бағышланған илаж поэзия, нәзиклик, жаслық ҳәм музыка байрамы сыпатында көтериӊки руўхта белгилениўи дәстүрге айланғаны бул сапары да айқын көзге тасланды.

Өзбекстан Жазыўшылар Аўқамы баслығыныӊ дөретиўшилик мәселелери бойынша биринши орынбасары  Минҳожиддин Ҳожиматов мәмлекетимизде Зульфияханым дөретиўшилигине ҳүрмет көрсетиў кейинги жыллары және де жоқары басқышқа шыққанын атап өтти.

– Бәҳәримиз қайырлы, көтериӊки басланады, – деди М.Ҳожиматов. – Себеби, миллий әдебиятымыздыӊ қаншадан қанша пидайылары усы айда туўылған. Миллий әдебиятымызда Зульфияханымныӊ өз алдына орны бар. Президентимиздиӊ идеясы тийкарында Жиззақта Ҳамид Алимжон ҳәм Зульфияханым естелигине пайызлы қыябан, дөретиўшилик мектеби, музей шөлкемлестирилди. Зульфияханым қайғыларды шадлыққа, ел шадлығына айландырған дөретиўши еди. Бул тәреплер дөретиўшиниӊ қатарларында айқын көзге тасланады.




















– Бәҳәр Зульфия апаныӊ қосықлары менен басланады, – деди “Саодат” журналыныӊ бас редакторы, белгили шайыр Мунаввара Усмонова. – Зульфияханым “Саодат” журналында өмириниӊ гөззал дәўирин – 32 жылын өткерди. Ҳаяллардыӊ дәрт-тәшўиши менен жасаў, оларды қоллап-қуўатлаў, жас дөретиўшилерге ғамқорлық көрсетиў оныӊ жумысында әҳмийетли еди. Зульфияханымға тән болған жақсылық, тереӊ мәнаўият шегара, заман билмейди екен. Бул түсиниклер бүгинде даўамлы.

Әдебий илажда Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Зульфия Мўминова, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтыӊ дәслепки ийеси Гулжамол Асқарова, белгили шайыр, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Муҳтарама Улуғова Зульфияханым дөретиўшилиги ҳаққында шығып сөйледи.

Бәҳәр, ҳаял-қызлар бахты, Өзбекстанды жырлайтуғын нама-қосықлар жаӊлады. Оқыўда, дөретиўшиликте алдынғы қызларға ҳүрмет жарлықлар тапсырылды. Әдебий илажда Зульфия естелигине гүллер қойылды.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзА