Пайтахтымыздағы «Өзэкспоорай» миллий көргизбелер комплексинде «Қурылыс – UzBuild 2024» халықаралық көргизбеси өз жумысын баслады.

«Iteca Exhibitions» халықаралық көргизбелер компаниясы, Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги, «Өзсанаатқурылысматериаллары» бирлеспеси ҳәм басқа шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген бул илажда 19 мәмлекеттен 450 ден аслам компания өз имканиятларын көрсетпекте.

Көргизбениң салтанатлы ашылыў мәресиминде атап өтилгениндей, бул халықаралық илаж жергиликли ҳәм сырт ел ислеп шығарыўшыларын бир мақсетке бирлестиреди. Сондай-ақ, көргизбе олардың сәўбетлесиўи, бир-бириниң жумысы менен танысыўы ҳәм бирге ислесиўине хызмет етеди.

Пайтахтымызда 25-мәртебе өткерилип атырған бул көргизбе тараўдағы ең алдыңғы табыслар, заманагөй технологиялар, қурылыс материаллары, сантехника ҳәм коммуникациялардан баслап, мебель ҳәм турмыслық техникаға шекемги ҳәр түрли өнимлер презентациясын өзинде жәмлегени менен әҳмийиетли болып есапланады. Онда сырт елли қатнасыўшылардың үлеси 81 процентти қураса, жергиликли компаниялар стендлеринен болса қурылыс ҳәм пардозлаў материаллары секторлары өнимлери, айналар, есиклер, фасадлар, цемент ҳәм бетон буйымлары, қурылыс араласпалары, металлургия өнимлери, изоляциялық материаллар сыяқлы өнимлер орын алған.

– «Ytong» заводымыз 2022-жылы өз жумысын баслаған ҳәм онда автоклав газобетонлары ислеп шығарылады. Табысымыз сонда, қысқа ўақыт ишинде өз қарыйдарларымызға ийе болдық. Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағынан тысқары, қоңсы мәмлекетлерге де товарларымызды экспорт етип атырмыз. Атап өтиў керек, «Ytong» Германия бренди есапланады ҳәм оған 1929-жылы тийкар салынған. Екинши мәрте қатнасып атырған көргизбеден үмитимиз үлкен, – деди Ташкент қаласындағы «Ytong» газоблок заводы саўда бөлиминиң хызметкери Шамсиддин Маҳкамов.

– Мәмлекетиңизде өткерилип атырған көргизбеде биринши мәрте қатнасып атырмыз, – деди Түркияның «Albond» компаниясы саўда менеджери Гулум Фатма Биндебир. – Мақсетимиз болса шериклер менен шәртнамалар дүзиў. Кәрханамызда тийкарынан алюминий композит панеллер ислеп шығарылады. Өнимлеримиздиң сапасы жоқары дәрежеде ҳәм бизди көбирек Европа базарында жақсы биледи. Өзбекстанлы шериклер менен де көп жыллар ислесиў нийетинде мәмлекетиңизге келдик.

Көргизбе шеңберинде Қурылыс санааты халықаралық әнжуманы да болып өтпекте. Онда Уллы Британия, Қазақстан, Россия Федерациясы, Түркия, Өзбекстан, Бирлескен Араб Әмирликлериниң 20 дан аслам қәнигелери қатнаспақта.













Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзА хабаршысы