Стамбул қаласында Түркияның «Мармара груп» стратегиялық ҳәм социаллық изертлеўлер фонды тәрепинен 27-Евроазия экономикалық саммити шөлкемлестирилди. Саммитте «Раўажланыў стратегиясы» орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляков «Өзбекстан – 2030» стратегиясында экономикалық тараўда белгиленген тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалар ҳаққында баянат жасады делинеди «Раўажланыў стратегиясы» орайының мағлыўматында.

Соның ишинде, онда «Өзбекстан – 2030» стратегиясының «Турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеў» тийкарғы бағдарында келеси жети жылда миллий экономика көлемин еки есеге арттырыў ҳәм дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер қатарына кириў мәселелерине тоқтап өтти.

Сондай-ақ, мәмлекетте макроэкономикалық турақлылықты ҳәм экономикалық раўажланыўды зәрүр дәрежедеги энергетика, суў ҳәм инфраструктура ресурслары менен тәмийинлеў, инвестициялық тартымлылықты және де арттырыў, исбилерменлик орталығын раўажландырыў сыяқлы бир қатар стратегиялық мақсетлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерилип келинетуғын Евроазия экономикалық саммитинде 40 тан аслам мәмлекеттен 300 ге шамалас сиясатшы, халықаралық шөлкемлер, академиялық топарлар, таллаў орайлары ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Саммитте Өзбекстан делегациясы ҳәм халықаралық шөлкемлер, дүньяның жетекши «ақыр орайлары» арасында сөйлесиўлер өткерилип, өз-ара пайдалы тараўларда бирге ислесиўди жолға қойыўға келисип алынды.


А.РУСТАМОВ, ӨзА