Елимизде жас әўладты тәрбиялаўда олардың тек ғана саламат болыўына ғана емес, ал руўхый жақтан жетик инсан болып жетилисиўи ушын барлық шараят жаратылған.

Жасларымыздың бос ўақытларын бийкар өткермеўи, көркем өнер, мәденият ҳәм спорт тараўларында қызығыўшылықларын жетилистирип барыўы  ушын имканиятлар жетерли екенлиги бәршени қуўандырады. Демек жаслар қанша руўхый жетик болса, олардың жат иллетлерге иммунитети күшли болады. Ҳәр қандай қарама-қарсылықларға, ушырасып атырған қыйыншылықларға гүресе алады, өз пикирне ийе болады. Соның ушын жасларымыз бундай жуўапкершиликти терең сезине алыўы  тийис.

Президент Шавкат Мирзиёев жаслар ҳәрекети қурылтайында қатнасып, 30-июнь сәнесин мәмлекетимизде Жаслар күни, деп жәриялаўды усыныс еткен еди. Соннан берли бул сәне елимизде үлкен байрам сыпатында белгиленип келмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Жаслар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде: “Ҳәзир ғана Президент ҳәм дөретиўшилик мектеплериниң оқыўшылары, Жаңа Өзбекстан университетиниң студентлери, жас илимпаз ҳәм дөретиўшилер, IT программистлер, спортшы ҳәм исбилерменлер менен пикирлестим. Бүгинги жасларымыздың потенциалы, дүньяға көзқарасы, билдирген усыныс ҳәм басламалары, еркин пикирлеўи, келешек ҳәм Ўатан, өзиниң жәмийеттеги орны ҳәм жуўапкершилиги ҳаққындағы көзқараслары барлық ата-аналар, устаз-оқытыўшылар қатарында мени де шексиз қуўандырады”,-деген еди.

Бул пикирлер жасларды айқын келешекке талпындырады.Себеби журтбасшымыз бизге үлкен исеним менен қарамақта. Ана Ўатанымыздың ертеңги келешегин бүгинги жаслардың мысалында көретуғын болсақ, олар ҳақыйқатында да заманагөй билимге ийе, еркин пикирлейтуғын, техника ҳәм технологияларды билетуғын жасларымыздың көп екенлигин мақтаныш етиўимиз мүмкин. Бундай жасларымыз көпшиликти қурайды. Олардан Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси Гүлсәнем Оразбаева, гимнастика спорт түринен Жансулыў Тилеўмуратова, көркем өнер тараўынан Мияссар Дәўлетбаева, Әширбек Қозыбаев ҳәм басқада жасларды атап өтсек болады. Бул қәбилетли жасларымыз бенен қанша мақтансақта арзыйды.

Биз тәрбияны дәслеп шаңарақта, балалар бақшасында, улыўма билим бериў мектебинде аламыз. Устазларымыз бизге билим нурларын қуйып барады. Буннан соң академиялық лицей, кәсип өнер колледжи ҳәм жоқары оқыў орынларында таңлаған кәсибимизди жетилистирип барамыз.

Ҳәр ким ўақыттан дурыс пайдаланып, жетик билим алса, келешекте өз ҳуқықларын талап ете алады. Шет тиллерин үйренемен деген жасларға оқыў орынлары, спорт пенен шуғылланаман деген жасларға заманагөй спорт заллары қурып берилген. Компьютер технологияларын меңгериўлери ушын барлық шараятлар жаратылған. Булардың барлығы жасларымыз ушын,

перзентлердиң айдын келешги ушын исленбекте.

Француз жазыўшысы  Виктор Гюго адамның улылығы оның бойының узынлығы менен өлшенбейтуғыны сыяқлы, халықтың уллылығы адам санының көплиги менен өлшенбейди, яғный, оның руўхый-дүньясының жоқарылығы менен өлшенеди, деген еди. Классик шайырымыз Бердақ Ғарғабай улы жаўызлыққа қарсы гүресиўши күш билимлилик, кәмиллик деп биледи. Сонлықтан да өз қосығында:

Ақылы кәмил билими зор,

Билимли ел болмайды қор, деп жазады.

Бул пикирлер жаслар тәрбиясында бүгинги күни де өз әҳмийетин жойытқаны жоқ. Жаслар өз билимлерин жетилистирип барса,

өзиниң бахытлы келешегин өз қолы менен жарата алады. Себеби жақсы жасаў, бахытқа ерисиў ҳәр биримиздиң өз қолымызда.

 

Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,

ҚМУ, Мәлимлеме хызмети ҳәм

Жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдарының 2-курс студенти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги