Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 7-сентябрьдеги «Жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, көшпес мүлкке болған ҳуқықлардың мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлеўге ҳәм жер участкаларының өз басымшалық менен ийелеп алыныўына жол қоймаўға қаратылған нәтийжели жер қадағалаўын әмелге асырыў мақсетинде Кадастр агентлиги, Бас прокуратура ҳәм  «Өзбеккосмос» агентлиги тәрепинен биргеликте “E-YER NAZORAT” автоматластырылған  мәлимлеме системасы ислеп шығылды.

Кадастр агентлиги тәрепинен усы системаны кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде презентациясы өткерилди.

ЗООМ платформасы арқалы өткерилген бул илажға Кадастр агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы басқармаларынан жуўапкер қәнигелер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Онда атап өтилгениндей, “E-YER NAZORAT” автоматластырылған мәлимлеме системасының жаратылыўы нәтийжесинде жер ҳәм кадастр қадағалаўы бойынша, жерлерди өз басымшалық менен ийелеп алыў ҳәм қурылыс жумысларын әмелге асырыўда ҳуқықбузарлықларды анықлаўдан баслап, оны сапластырғанға шекемги аралықтағы жумыслар бойынша нәтийжели мәмлекетлик қадағалаўдың орнатылыўына ерисилди.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-февральдағы «Жер участкаларынан пайдаланыўда мәмлекетлик қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбурий орынлаў бюросы менен интеграцияланған ишки ислер  министрлигиниң «E-maʼmuriy ish» мәлимлеме системасы арасында мағлыўмат алмасыў жолға қойылды.

“E-YER NAZORAT” автоматластырылған мәлимлеме системасының енгизилиўи нәтийжесинде артықша қағазпазлық ҳәм ҳуқықбузарлық сапластырылып, орынлаў мүддети қысқарды ҳәм ҳүжжет алмасыўдың нәтийжелилигине ерисилди.

Сондай-ақ,  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 20-октябрьдеги ПҚ-405-санлы қарарына муўапық, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске тийкарланып кадастр агентлиги уйымларына тийисли болған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар бойынша ислерди көрип шығыўда ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы протоколды ишки ислер министрлигиниң «E-maʼmuriy ish» системасы менен толық интеграцияланған “E-YER NAZORAT” системасының мобиль қосымшасы арқалы электрон ҳүжжет формасында дүзиў мүмкиншилиги жаратылды.



Жер участкаларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша қадағалаўды еле де күшейтиў мақсетинде аўыл хожалығына мөлшерленген ҳәм мөлшерленбеген жер участкаларын ажыратқан ўақытта Жер кодексинде белгиленген талапларға әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша Санлы технологиялар министрлиги жанындағы Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлиги арасында өз-ара интеграцияланған космослық сүўретлерди қайта ислеў арқалы өз басымшалық пенен ийеленген жер участкаларын ҳәм нызамға қарсы салынған турақ жай ҳәм имаратларды анықлаў илажлары көрилмекте,-дейди  Кадастр агентлиги директоры орынбасары М.Мирмақсудов.

Сондай-ақ, Кадастр агентлиги, Картография мәмлекетлик илимий-өндирислик кәрханасы ҳәм Геинновация мәмлекетлик унитар кәрханасы қәнигелери тәрепинен мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ушын интерактив сөйлейтуғын карта ислеп шығылды. Соны айрықша атап өтиў керек, бундай жойбар биринши мәрте қолланылмақта. Бул арқалы тыңлаўшылар карталарды тыңлаў арқалы мағлыўматларды тез ҳәм аңсат үйрениўи мүмкин. Карта 2 жастан 14 жасқа шекемги балалар ушын мөлшерленген.

Тек балалар емес, ал жасы үлкен инсанларды да өзине тарта алатуғын бул картадан пайдаланыў даўамында Өзбекстанның барлық ўәлаятлары ҳаққында улыўмалық мағлыўматларды, тарийхы ҳәм бүгинги күнги жағдайы туўралы мағлыўмат та алыўы мүмкин. Буннан тысқары картадан мәмлекет гимни, қайсы халықаралық шөлкемлерге ағзалығы ҳаққында да мағлыўматлар орын алған. Ҳәзирше тек өзбек тилинде сөйлейтуғын карта, кейинирек раўажландырылып, рус, инглиз ҳәм басқа тиллерде де ислеп шығарылыўы режелестирилмекте.

Алдағы ўақытлары бундай өнимлердиң санын көбейтип Орайлық Азия мәмлекетлерине экспорт етиў режелестирилмекте. Жаратылып атырған илимий қолланбалар жасларымыздың креатив пикирлей алыўы ҳәм географиялық билимлерин беккемлеўге мүмкиншилик жаратады.

Илажда кадастр тараўындағы бундай жумысларды еле де жетилистириў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, алдағы жумыслар келисип алынды.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги