Тығылыслық ҳәм жәмийетлик транспорт машқалаларына министрлик қандай шешим табады?

776

Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласында тығылысты азайтыў, жәмийетлик транспортты жақсылаў жолында әмелге асырылып атырған жумысларға сын көзқарастан қатнас жасады. Жол қойылған кемшиликлерди бирме-бир санап, жуўапкерлердиң бул бағдардағы жумысларын қанаатландырарсыз, деп тапты.

Бул ҳақылы наразылыққа көп болмады. Усы жылдың 29-январь күни мәмлекетимиз басшысының басшылығында турақ жай, қурылыс, коммунал хожалығы, транспорт ҳәм экология тараўларында әмелге асырылыўы керек болған тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул ҳаққында сөз болған еди.

Тығылыслық ҳәм жәмийетлик транспортқа байланыслы мәселелер тилге алынып, транспорт министри Илҳом Маҳкамов, оның биринши орынбасары Маманбий Омаров ҳәм басқа да жуўапкерлерге сөгис жәрияланды. Бул олар ушын ескертиў екени де еслетилди.

Хош, негизинде машқалалар тамыры нелерге барып тақалады ҳәм оларды шешиўде қандай жуўмақ ҳәм көзқараслар әҳмийетлиЎ Усындай сораўлар ҳәм тема мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы транспорт министриниң биринши орынбасары Маманбий ОМАРОВтың пикирлерине қызықтық.

– Өткен жыллар даўамында мәмлекетимизде жәмийетлик транспорт тараўын түп-тийкарынан реформалаў бойынша бир неше нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилип, халықты сапалы ҳәм кепилленген транспорт хызметлери менен тәмийинлеў механизмлери жаратып берилди. Республикамыздың халық жасайтуғын барлық елатлы пунктлери толық хатлаўдан өткерилип, 10 мыңнан аслам елатлы пункттиң 1 мың 113 и қамтып алынбағаны анықланды ҳәм оның 1 мың 81 ине жәмийетлик транспорт қатнаўлары жолға қойылды, – дейди Маманбий Омаров. – Усы жерде мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, 32 елатлы пунктке алып барыўшы жол қамтып алынбаған, себеби жолдың сапасы ҳәрекетлениў қәўипсизлиги талапларына жуўап бермеген. Бул жоллар оңлаў бағдарламаларына киргизилди.

Және бир тәрепи – жөнелислерде ҳәрекетленип атырған көпшилик транспорт қуралларының сыйымы, қолайлылығы ҳәм қәўипсизлиги талапларға жуўап бермейди.

Мәселен, бүгинги күнде республика бойынша «Дамас» автотранспортының үлеси 72 процентти қурайды.

Бар жөнелислердеги транспорт қуралларының жаңаланыўы (10 жылдан аслам), сыйымын арттырыў («Дамас»ты автобус ҳәм микроавтобуслар менен алмастырыў), жумыс алып бармай атырған жөнелислерди қамтып алыў ушын қосымша 4 мың 200 ден аслам автобус, 5 мың 500 ден артық микроавтобусқа талап бар екени анықланды.

Бүгинги күнде халықтың талапларынан келип шыққан ҳалда ҳәр бир аймақ кесиминде жөнелислер қайта көрип шығылып, жаңа жөнелислердиң тармақлары ислеп шығылды.

Усы мүнәсибет пенен быйылғы жылдағы ең тийкарғы ўазыйпа аймақлардағы жәмийетлик транспорт ушын 2 мың автобус ҳәм 2 мың микроавтобус сатып алыўды тәмийинлеў болып есапланады.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, 2023-жылы дерлик 2 мың автобус ҳәм 1 мың микроавтобус сатып алынған еди.

Бүгинги күнде жөнелислер «Аўылдан – район орайына, район орайынан – ўәлаят орайына» принципи тийкарында қәлиплестирилди. Бул бағдарлар «Е-тендер» электрон платформасы арқалы ашық-айдын тендер сораўлар өткерилип, исбилерменлерге бириктириледи.

Мәжилисте ўәлаятларға жеткерилиўи режелестирилген автобуслардың ҳәммеси де алып келинбеген, Әндижан, Самарқанд, Наманган, Қаршы ҳәм Үргенш қалаларында жолаўшы тасыўды брутто-шәртнама тийкарында қаржыландырыў системасын енгизиў жумыслары жуўмағына жеткерилмегени атап өтилди. Бул бағдардағы режелер қандай болған еди?

– Дәслеп, өткен жылы енгизилген «Брутто-шәртнама» системасы- жолаўшылар ушын сапалы хызмет ҳәм тасыўшылар ушын кепилленген қаржыландырыў механизмин жаратып беретуғынын айтып өтиў керек. «Брутто-шәртнама» системасының бәринен бурын, Ташкент қаласында енгизилиўи заманагөй автобуслардың нәтийжели ислеўине тийкар болды.

Мәселен, автобуслар аралық интервалы 2-3 есеге қысқарып, ҳәзирги ўақытта 8-10 минутты қурамақта (илгери 18-20 минут болған), күнлик жолаўшы ағымы 1,7 есеге көбейип, 1 миллионға жетти. Салыстырыў ушын айтып өтемен, бурын күнине 650 мың жолаўшы тасылған.

Пайтахтымызда жәмийетлик транспорттың ҳәрекети ушын және де қолайлықлар жаратыў мақсетинде 48,2 километр өз алдына ажыратылған тротуарлар шөлкемлестирилгенин қосымша етиўим мүмкин. 1 магистраль, 14 айланба, 96 байланыстырыўшы ҳәм 46 жеткерип бериўши, жәми 167 жаңа жөнелис тармағы тийкарында бир неше басқышта электрон тендер таңлаўлары өткерилди.

Бул жумыслар 1-мартқа шекем Үргенш, Әндижан, Қаршы, Нөкис ҳәм Наманганда, қалған қалаларда болса 1-июльдан  жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте әмелге асырылады.

Нәтийжеде қалалық жәмийетлик транспортта сапалы тасыў хызмети, күнлик режеден ўаз кешиў, жол ҳақы жыйымының толық екени, орайласқан диспетчерлик хызмети ҳәм ашық-айдын қаржыландырыў системасы тәмийинленеди.

Республикамыздың ири қалаларына келсек, ҳәзирги ўақытта төртеўинде «Транспорт мастер реже»лер ислеп шығылған болып, қалған 17 си усы жылы 1-апрельге шекем жуўмақланыўы режелестирилген.

Жәмийетлик транспорт инфраструктурасы объектлери бойынша айтатуғын болсақ, ўәлаят орайларында автовокзаллар, районларда автостанциялар арқалы жумыс алып барыўы мақсет етилген. Бухара ҳәм Наманганда жаңадан қурыў, Қарши, Наўайы, Термиз, Гүлистан ҳәм Ферғанада талап дәрежесине келтириў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, және 47 районда автостанция қурылысы режелестирилген.

– Мәмлекетимиз басшысының басшылығында өткерилген мәжилисте Транспорт министрлиги системадағы тийисли кәрханада халықаралық қатнаўлар ушын 167 автобус болғаны менен кәрхана жеке меншик сектор ҳәм қоңсы мәмлекетлердиң тасыўшылары менен бәсекилесе алмай атырғаны атап өтилди. Бул бағдарда сапластырылыўы керек болған қандай тәреплерди санап өте аласыз?

Ҳақыйқатында да, әҳмийетли бағдарлардан бири, бул – халықаралық автобуслар жөнелиси. Бул бағдарда жәми 32 турақлы жаңа халықаралық автобус жөнелислери – Тәжикстанға 4, Қырғызстанға 5, Қазақстанға 18 ҳәм Россияға бесеўи жолға қойылып, өткен жылы 411 мың жолаўшыға хызмет көрсетилди.

Усы жылы босла турақлы халықаралық автобус жөнелислерин қосымша еки есеге арттырыў режелестирилген. Сонда Россия Федерациясына жәми 10 халықаралық автобус жөнелислери ҳәрекетленеди. Буның ушын тийкарынан халықаралық жөнелислерде жумыс алып барып атырған «Өзавтотранссервис» ЖШЖ кәрханасына жеке меншик сектор тартылған ҳалда қаржылай саламатландырылады ҳәм сервис хызметлерине ийе жаңа автобаза шөлкемлестириледи.

Ойпаттан автобус қатнаўлары шекленгени себепли Россия менен байланыстыратуғын бир билет мультимодаль тасыўлар шөлкемлестириледи, яғный Әндижан қаласынан Ташкент қаласына темир жолда, Ташкенттен Москваға автобуста қатнаўшы, Әндижан – Ташкент – Москва мультимодаль жөнелиси жолға қойылады.

– Автомобиль жоллары системасында ескише көзқарасларды сапластырыў зәрүр екени бүгинги заман талабы болып есапланады. Президентимиз мәжилисте нәзерде тутқан ескише көзқараслар нелерде көринеди?

– Бәринен бурын, соны атап өтиў керек, жол хожалығын реформалаў бойынша мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қол қойылған қарарда тараўға байланыслы барлық мәселелер қамтып алынып, шешим табылмаған жөнелис қалмаған. Усы тийкарда бес бағдарға айрықша итибар қаратылды – сапаға, инновациялық қатнас жасаған ҳалда жойбарлаўға, ажыратылған қаржыларды өзлестириў ҳәм санластырыўға.

Бириншиден, көрилип атырған автомобиль жолларының сапасы ҳәм техникалық талапларға жуўап бериўи жол қурылысында орнатылған қадағалаў системасына да үзликсиз байланыслы. Бул тараўда министрлик жанында Транспорт қадағалаў инспекциясы дүзилип, оған барлық ўәкилликлер анық белгилеп берилди. Усы жылы болса «Жол сапасын қадағалаў» мәлимлеме системасы ислеп шығылады ҳәм Электрон ҳүкимет жойбарларын басқарыў орайы, «Ашық қурылыс» ҳәм «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системалары менен интеграцияланып,  иске қосылады.

Бул система иске қосылыўы нәтийжесинде жол қурылысы объектлерин дизимге алыўдан баслап, пайдаланыўға қабыл етиўге шекемги барлық процесслер санластырылады. Жол қурылысы объектлериниң жойбарлаў ҳүжжетлери ҳәм экспертиза жуўмақлары, техникалық, авторлық ҳәм ишки қадағалаў және объектлерде орынланып атырған жумыслар, атқарыў ҳүжжетлери ҳаққындағы мағлыўматларды системадан электрон тәризде үйрениў, қадағалаў жумысларын әмелге асырыў имканияты жаратылады.

Сондай-ақ, Транспорт министрлиги жанындағы кадрларды қайта таярлаў институтында Халықаралық инженерлик-консультантлар федерациясы – «FIDIC» талаплары тийкарында тастыйықланған оқыў бағдарламасына муўапық Жол хожалығы, Автомобиль жоллары комитетиниң хызметкерлери ҳәм Транспорт қадағалаў инспекциясының инспекторларының маманлығын арттырыў системалы жолға қойылады.

– Транспорт министрлигине усы жылы транспорт салмағын өлшейтуғын кеминде 300 тәрези орнатыў илажларын көриў тапсырылды. Ҳәр бир ўәлаят бойынша «пилот» жойбарларының басланатуғыны белгиленди. Бул келешекте қандай имканиятларды жаратады?

– Республика аймағында транспорт қуралларының рухсат етилген салмақ ҳәм габарит параметрлерине әмел етилиўин қадағалаў әҳмийетли ўазыйпа. Бүгинги күнде инсан факторысыз жүк автомобильлериниң ҳәрекет дәўиринде салмақ ҳәм көлем параметрлерин автоматластырылған анықлаўшы жәми 9 стационар (үшеўинде жумыслар жуўмақланбақта) ҳәм 15 көшпели (мобиль) тәрезилер орнатылды.

Соның менен бирге, 2024-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда 44 заманагөй өлшеў тәрезилерин, соның ишинде, жүк автомобильлериниң ҳәрекет дәўиринде салмақ ҳәм көлем параметрлерин анықлайтуғын «WIM» системасындағы тәрезиханалар орнатылады. Бул, әлбетте, жүк автомобиллериниң салмағы ҳәм көлемин анықлаў, таллаў имканиятын береди.

– Ташкент қаласында тығылыслар үлкен машқалаға айланып бармақта. Президентимиз халықты толғандырып атырған бул мәселеге тоқтап, системалы қатнас жасаған ҳалда тығылыслар машқаласы бойынша усынысларды қәлиплестириў бойынша тапсырмалар берди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде пайтахтымыздың тийкарғы машқалаларынан бири, бул – жолдағы тығылыс болып қалды. Транспорт жол инфраструктурасын жетилистириў ҳәм раўажландырып барыўда илимий көзқарас әҳмийетли болып есапланады.

Сол себепли илимий көзқарас тийкарында Ташкент қаласы ҳәкимлиги жанында Ҳәрекетти шөлкемлестириў ҳәм басқарыў орайын шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Нәтийжеде жол ҳәрекетин дурыс шөлкемлестирип, инфраструктураларды тәртипке келтириў ҳәм жәмийетлик транспорт ҳәрекетине үстинлик бериў сыяқлы имканиятлар пайда болады.

– Системадағы және қайсы бағдарларда бақланған кемшиликлер мәжилисте Президентимиздиң сын көзқарастағы мүнәсибетине себеп болды ҳәм оннан қандай шешимлерге келинди?

– Бүгинги күнде тараўда әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда, өз шешимин күтип атырған машқала ҳәм кемшиликлер бар. Бар имканиятлардан толық пайдаланбай атырғаны себепли айырым бағдарларда ақсаўларға жол қойылып атырғанын тән алып айтыў керек.

Усы мүнәсибет пенен быйылғы жылы жумыс ислеў системасын жаңаша көзқарас пенен шөлкемлестириў, транспорт тараўындағы барлық ири ҳәм киши кәрханалар менен биргеликте, дәслеп, ишки ресурслардан нәтийжели пайдаланыў арқалы транспорт хызметлериниң көлеми менен сапасын арттырыўға айрықша итибар қаратылады.

Мәжилисте белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәм тапсырмалардан жуўмақ шығардық. Машқалаларды сапластырыў мақсетинде 2024-жылы транспорт тараўын раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпалары етип транспорт ҳәм жол инфраструктурасына тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыўға итибар қаратамыз. Экономика тармақлары ҳәм халықтың транспорт тасыўларына болған талаплары менен мүтәжликлерин қанаатландырыў бойынша әмелий ҳәрекетлерге кирисемиз.

Буннан тысқары, транспорт түрлери бойынша ишки жөнелислер саны ҳәм географиясын көбейтемиз. Тасыўлардың сапасы арттырылып, халықаралық транспорт коридорларын раўажландырыў бойынша басланған ири жойбарлар жеделлестириледи. Мәмлекетимиздиң транзит потенциалын арттырыў, транспорт ҳәм логистика хызметлери базарында жасырын экономиканың үлесин азайтыў ҳәм коррупцияның алдын алыў мақсетинде санластырыў процесслерин жеделлестириў нәзерде тутылған.

Жол қурылысының сапасы ҳәм тасыўлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде болса, әлбетте, айрықша қадағалаў системасын орнатыў әҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири болады.

ӨзАның хабаршысы

Абдулазиз РУСТАМОВ

сәўбетлести