Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Шэньчжэнь қаласындағы илажлар шеңберинде Жипек жолы фондының баслығы Чжу Цзюнь менен ушырасыў өткерди.

Фонд 2024-жылы Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң басламасы менен «Бир мәкан, бир жол» жойбары шеңбериндеги саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген.

Ушырасыўда санаат кооперациясы ҳәм инфраструктураны раўажландырыўды қаржылай қоллап-қуўатлаў ушын фонд пенен биргеликте жаратылған инвестициялық платформаның имканиятларын жедел иске қосыў арқалы перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы режелер көрип шығылды.

ӨзА