24-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытайға мәмлекетлик сапары шеӊберинде Халық сиясий мәсләҳәт кеӊеси Пүткилқытай комитетиниӊ Баслығы Чжао Лэцзи менен ушырасыў өткерди.

Сәўбетте Өзбекстан-Қытай қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилип, бул ретки сапар етиў ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти кеӊейтиўге жаӊа күшли пәт бағышлайтуғынына исеним  билдирди.

Кейинги жыллары өз-ара саўда көлеми еки есеге, биргеликтеги кәрханалардыӊ саны үш есеге артты.

Аймақлараралық кооперация кеӊейди, 22-январь күни Урумчи қаласында болып өткен биринши Өзбекстан-Қытай аймақлар форумыныӊ нәтийжели жетискенликлери буннан дәрек бермекте.

Қытайдыӊ кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бағдарындағы тәжирийбеси жедел енгизилмекте.

Ушырасыўда мәмлекетимиз техникалық бағдарлар бойынша қәнигелер таярлаў орайларын шөлкемлестириў, Қытайдыӊ социаллық қорғаў ҳәм қамсызландырыў, халыққа мәнзилли жәрдем көрсетиў бағдарындағы тәжрийбесин үйрениўден мәпдар екени атап өтилди.

Парламентлер арасындағы байланысты кеӊейтиў ҳәм “Өзбекстан-Қытай” дослық топарларын жеделлестириўдиӊ зәрүрлиги атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги келисимлердиӊ әмелге асырылыўы үстинен тәсирли парламент қадағалаўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды.

Мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Өткен жылы Өзбекстанда Қытай мәденияты күнлери өткерилгени, әйне ўақытта Пекинде Өзбекстан мәденияты күнлери шеӊберинде өткерилип атырған илажлар қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

ӨзА