Tesla Қызыл теӊизде кемелерге ҳүжим әмелге асырылып атырғаны ушын комплектлеўши бөлеклер жетиспеўшилиги шараятында Берлин жақынындағы заводында автомобиль ислеп шығарыўды тоқтатты.

“Қызыл теӊиздеги қураллы қарама-қарсылықлар себепли Европа ҳәм Азия арасында қатнап атырған жүк кемелериниӊ жөнелислери өзгериўи нәтийжесинде Грюнхайде қаласындағы завод жумысына унамсыз тәсир көрсетпекте. Тасыў ўақтыныӊ сезилерли түрде созылыўы товар жеткерип бериў шынжырында үзилислерди келтирип шығармақта делинеди Tesla тарқатқан баянатта.

“Рейтер”  мәлимлеме агентлигиниӊ жазыўына бола, фабрикада өндирис 29-январьдан 11-февральға шекем тоқтатылады.

Қызыл теӊизде Яман жағаларыныӊ үлкен бөлегин қадағалаўға алған хусийлер Израильға байланысы болған яки усы мәмлекет портларына келип атырған кемелерге ҳүжим етиўди мәлим еткен еди. Оған жуўап ретинде АҚШ онлаған мәмлекетлер менен биргеликте Қызыл теӊизде кемелерди қорғаў әмелиятын өткериўди жәриялаған.

ӨзА