Умра хызметлериниӊ баҳасы арзанластырылды

668

Өзбекстан мусылманлары мәкемеси ҳәм Дин ислери бойынша комитет тәрепинен шөлкемлестирилген Умра хызметлери қолайлы, арзан ҳәм қәўипсиз болып, тиккелей рейслер, күни-түни шыпакерлер хызмети, үш мезгил ыссы аўқат пенен тәмийинленген. Соныӊ менен бирге, еӊ тәжирийбели имам-хатиблерден ибарат елиўбасылар тартылған.

Өзбекстан делегациясы Саудия Арабстанында Ҳаж ҳәм Умра хызметлери сапасын және де жақсылаў, баҳаларды арзанластырыў, зыяратшылар ушын бир қатар қолайлықлар жаратыў мақсетинде Патшалықтағы бир қатар жуўапкер уйымлардыӊ басшылары менен сөйлесиўлер алып бармақта.

Сөйлесиўлер нәтийжесинде умра хызметлериниӊ баҳасын және де арзанластырыўға ерисилди.

2024-жыл 10-январьдан Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниӊ «Ҳаж ҳәм Умра» орайында Умра хызметлериниӊ баҳасы бир адам ушын 16.600.000 сум етип белгиленди, делинеди Өзбекстан мусылманлары мәкемеси Баспасөз хызмети хабарында.

Абдулазиз РУСТАМОВ,

ӨзА