Қаршы қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Қашқадәрья ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис болып өтпекте.
Мәмлекетимиз басшысы Қашқадәрья экономикасы, тек ғана ири кәрханаларға қарап қалмаўы керек екенлигин көрсетип өтти.
Мәселен, ўәлаятта тутыныў товарын ислеп шығарыўда өсиў пәтлери республика көрсеткишинен 3 есеге аз. Әсиресе, киши бизнестиң санааттағы үлеси ең ақырғы орынларда.
Қамашыда цемент, гипс ҳәм мрамор, Шаҳрисабзда графит, Якка бағда кварц қумы, Шыршықта марганец, Китапта доломит ҳәм шийше кәнлерин өзлестирип, ислеп шығарыў есабынан арттырыў мүмкин.
Буннан тысқары, Қашқадәрьяда жылына 150 мың тонна полиэтилен грануласы ислеп шығарылса да, оның тек ғана 4 проценти ўәлаяттың өзинде қайта исленеди. «Шортангаз химия комплекси» әтирапындағы 200 гектар бос жерде 100 түрдеги импорт өнимин ислеп шығарыўды жолға қойса болады.
Жуўапкерлерге исбилерменлер менен ушырасып, ири санаат кәрханалары менен кооперация тийкарында 10 мың жумыс орнын жаратыў тапсырылды.
Улыўма, Қашқадәрьяда санаат көлемин келеси жылы 40 триллион сумға, экспортты 500 миллион долларға жеткериў белгилеп алынды.
ӨзА