Хабар.уз дыӊ мәлимлеме бериўинше, Бенну атамасындағы үлкен астероид Жерге жақын объект болып, ол шама менен ҳәр алты жылда бир мәрте Жер орбитасына киреди ҳәм ол 1999-жылда биринши мәрте ойлап табылғанынан берли космослық агентлик тәрепинен бақланбақта.
Алымлардыӊ пикиринше, Бенну 1999, 2005 ҳәм 2011-жылларда планетамызға жақынлаған.
2135-жыл 25-сентябрьде Бенну Жердиӊ касынан ушып өтеди ҳәм NASA мағлыўматларына бола, 2182-жылда, 159 жылдан кейин оныӊ оғада аз итимал менен Жер менен соқлығысыў қәўипи бар.
OSIRIS-REx илимий топарыныӊ мақаласында 2182-жыл 24-сентябрьда Беннудыӊ Жер менен соқлығысыў итималлығы тек ғана 0,037 процентти қурайды.
Earth.com мағлыўматларына бола, бул астероидтыӊ соқлығысыўы Жер жүзиниӊ үлкен бөлегин жоқ етиўи ҳәм шама менен 22 атом бомбасы энергиясын шығарыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги