Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки делегациясы менен ушырасыў болып өтти.

Сәўбетлесиў даўамында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки тәрепинен республикамызда киши бизнес ҳәм орта исбилерменликти раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар, мәмлекетлик шериклик бойынша жойбарлар, капитал базарды раўажландырыў бойынша пикир-усыныслар додаланды.

Сондай-ақ, ушырасыў шеңберинде тәреплер Қарақалпақстан Республикасында консалтинг бизнес тараўын раўажландырыў, мәмлекетимизде социаллық ҳәм экономикалық тараўларда әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, агробизнести буннан былай да раўажландырыў бағдарларында пикир алысты.

Буннан соң, тәреплер бирге ислесиў бағдарында өз-ара шериклик байланысларын беккемлеў бойынша келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги