Президент Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына тийкарланып билимлендириў шөлкемлерине қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссияның гезектеги билдириўи қабыл етилди. Бул ҳаққында Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги хабар берди.
Оған бола, Президент, Дөретиўшилик, Әбиў Али ибн Сино, Мырза Улығбек ҳәм Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектеп питкериўшилери Өзбекстан Республикасы билимлендириў шөлкемлерине қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссияның тийисли Билдириўи менен Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине улыўма қабыллаў квотасынан тысқары қосымша квоталар тийкарында студентликке усыныс етилген.
Сол себепли жоқарыда атап өтилген мектеплердиң ЖООларға кириў имтиханларынан өте алмай қалған питкериўшилерден мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлерине мүрәжат етиўи соралған.
Алдын, Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университетинде максимал балл топлаған, «контракт»қа оқыўға кирген (жеңилликлер себепли) абитуриентлердиң Президент тапсырмасы тийкарында мәмлекетлик грантқа өткерилетуғыны айтылған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги