Нѳкис қаласындағы  50-санлы улыўма билим бериў мектебинде белгили жазыўшы ҳәм публицист Сапарбай Салиев  туўылғанының 90 жыллығына бағышланған еслеў кешеси болып өтти.

Қарақалпақстан Жазыўшылар ҳәм Журналистлер аўқамлары тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген кешеге жазыўшылар, журналистлер, илимпазлар, заманласлары, туўған-туўысқанлары ҳәм шәкиртлери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, Ѳзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нѳкис филиалы директорының орынбасары, филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) Д. Камалова, ветеран журналист, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Е.Ерманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, оның дөретиўшилигине, инсаныйлық пазыйлетлерине тоқтап өтти.




Атап өтилгениндей, белгили жазыўшы ҳәм публицист Сапарбай Салиев 1933-жылы 23-сентябрьде Шымбай қаласында миллий өнерментшилер шаңарағында дүньяға келген. Болажақ қәлем ийесиниң балалық шағы түрли басымлар менен қысымлар ҳәўиж алып турған дәўирге туўра келди. Бундай ғалаўытлы ўақыялардың изинен зиялылар менен бас көтерген азаматларды жоқ етиў, жазықсыз жазалаўлар, сыртынан жалған көрсетпе берип, услатыўлар басланды. Халық еле бойын тиклей алмай атырған усындай бир қысылшаң ўақытта Екинши жер жүзилик урыс басланып, ким – атасынан, ким – әкесинен, ким – анасынан, қулласы ҳәр ким өзиниң жақынынан, жанашыр баўырларынан айырылып, көплеген шаңарақлар қайғыда қалды. Мине, усылардың барлығын балалығынан көрип өскен жас дөретиўши өз сөзине беккем болды, әдалатлы болыўға бел байлады, ғәрип-қәсерге қолын созды. Аўыр мийнеттен қашпады ҳәм үлкен әрманлар жетегинде алға умтылыў талабында болды.

Усындай қыяллар қушағында улғайған талапшаң жас орта мектепти питкергеннен кейин ҳүкиметлик жоллама менен тың жерлерди өзлестириўшилер қатарында алыс үлкелерге атланды. Үлкен-үлкен қурылыслар салыўға қатнасып, мийнетте тапланды, өмирде қайралды ҳәм өзиниң азаматлық позициясына садық болған ҳалда келешекте өзи көрген, кеўилинен кеширген жағдайларды ақ қағаз бетине түсириўди ойлады.

Жас талант ийеси қарақалпақ халқының бирден-бир әдебий басылымы болған «Әмиўдәрья» журналында ислеген жылларында мәмлекетимизде жүз берип атырған жаңаланыўлардың бел ортасында жүрип, очерк жанрының ҳақыйқый шеберине айланды. Соңынан өз билимин және де жетилистирип барыў мақсетинде Москва қаласындағы Жоқары әдебий курста да тыңлаўшы болып, миллий жазба әдебиятымызды жанландырыўға, оны жанрлық жақтан байытыўға жеке үлесин қосыў ушын белсене ҳәрекет етти.

Қарақалпақ жәмийетшилигине өткен әсирдиң елиўинши жылларының орталарынан-ақ танылып үлгерген С.Салиевтиң шығармалары баспасөз бетлеринде изли-изинен жәриялана баслады, қәлемкеш өз оқыўшылары менен ықласбентлерине ийе болды. Жазыўшының қәлеминен дөреген «Өристен қайтқанда» (1957), «Күт мени» (1960), «Зонтик» (1965), «Үстиртке адам келди» (1963), «Кәрўан – мәнзилди гөзлер» (1968), «Үстирт повести» (1972), «Жер менен тиллескенлер» (1982), «Тырнақ» (1985) деген публицистикалық шығармалары, повестьлери ҳәм романы  басылып  шықты. Жазыўшыны жәмийетшиликке кеңнен танытқан «Үстирт повести» ҳәм «Кәрўан – мәнзилди гөзлер» атамасындағы шығармалары орыс тилине де аўдарылды.

1970-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы болған ҳәм көркем аўдармаға да кеўил бөле баслаған С.Салиев туўысқан халықлар әдебияты ўәкиллериниң шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарды. Соның ишинде Ш.Айтматовтың және жерлесимиз Ю.А.Леонтичевтиң бир неше повестьлерин қарақалпақ тилине сапалы етип аўдарды. Ол ҳүрметли мийнет дем алысына шыққаннан кейин де республикамыздың бас басылымы – «Еркин Қарақалпақстан» газетасында ислеп жүрген жылларында өз дөретиўшилигин даўам еттириў менен бирге, жас қәлем ийелерине журналистика тараўының сырларын үйретип барды. Жазыўшының усындай пидайы хызметлери өз ўақтында ылайықлы баҳаланып, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери» ҳүрметли атағына ийе болды.

Өз изинде өткен дәўиримиздиң ҳақыйқый болмысы менен шынлығын сәўлелендире алған жансебил жазыўшы С.Салиев – удайы көптиң ҳүрметинде, заманласларының иззетинде болып келди. Ушырасыўда сөзге шыққанлар жазыўшының шығармаларын қайта басып шығарыў, оны жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги