Дүнья бойлап бүгин — 22 сентябрь халықаралық автомобильсиз күн ретинде белгиленеди.

Бул сәне 1995-жылдан берли World Car Free Days консорциумыныӊ басламасы менен дүньяныӊ жүзлеген қалаларында өткерилип келинбекте.

Бүгин дүньядағы автомобиль ҳәм мотоцикль айдаўшыларына күн даўамында транспорт қуралларынан  пайдаланбаў усыныс етиледи.

Көплеген мәмлекетлер ҳәм қалаларда пияда жүриў, велосипед ямаса жәмийетлик транспортлардан пайдаланыўды үгит-нәсиятлаўшы акциялар, илажлар өткериледи.

Әдиллик министрлигиниӊ мәлим етиўинше, Министрлер Кабинетиниӊ қарары менен 2021-жылдан баслап 22-сентябрь республика бойынша “Автомобильсиз күн” деп жәрияланған.

Бул күнде жеке автомобильде ҳәрекетлениўден ықтыярлы түрде ўаз кешиў усыныс етиледи.

ӨзА