Қоқанд қаласында екинши мәрте өткерилип атырған Халықаралық өнерментшилик фестивалы ҳәм Риштон районындағы Халықаралық гүлалшылық форумының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Дүньяда сулыў қала статусына ийе бирден-бир кент – Қоқанд бүгин ҳәмме ўақыттағыдан да тартымлы. Бул жерге келген адам ертеклер дүньясына түсип қалғандай болады. Уллы Жипек жолы кесилиспесинде жайласқан Ҳўқанди сулыў ески тарийх ҳәм заманагөй раўажланыўдың нормалары менен дәстүрлерин өз-ара үйлестирип, бир ўақыттың өзинде ҳәм шығыс гөззаллығы, ҳәм ҳәзирги күн прогрессине үнлес саўлаты менен дүнья жәмийетшилигин өзине қаратпақта.

Өзбек халқының күнделикли турмысының ажыралмас бөлеги болған өнерментшилик көркем өнери, атап айтқанда, ағаш оймакерлиги, гүлалшылық, тоқымашылық, темр усташылығы, зергерлик бир неше мың жыллық тарийхқа, өзине тән дөретиўшилик мектеп ҳәм дәстүрлерине, белгили ғайраткерлерине ийе. Өзбекстанлы усталар тәрепинен таярланған көплеген көркем өнерментшилик ҳәм әмелий көркем өнер өнимлериниң ҳәзирги күнге шекем дүньяның белгили музейлеринде сақланыўы олардың дүнья халықлары тарийхында әҳмийетли орын ийелегенинен дәрек береди.

Сондай факторлар себеп болса керек, бул бийбаҳа көркем өнердиң көплеген бағдарларында нәтийжели жумыс алып барған, оларға избасар ҳәм мийрасхор болған талантлы өнерментлер бәрқулла ел-халық арасында ҳүрмет-иззетке миясар болып, «уста», «устазада» деген мақтанышлы атлар менен қәдирленеди.

Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискенинен соң миллий мәдениятымыздың барлық тараўлары қатарында өнерментшиликти, оның дәстүрлери менен мектеплерин тиклеў, раўажландырыў ҳәм үгит-нәсиятлаўға да айрықша итибар қаратылды. Кейинги жыллары және усы бай мәдений мийрасымызды қәстерлеп сақлаў, халықтың көркем ҳәм әмелий көркем өнерин және де раўажландырыў, бул бағдарда тарийхый дәстүрлерди избе-из даўам еттирип киятырған шебер усталардың машақатлы мийнетин  мүнәсип қәдирлеў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, оларға жаңа имканият ҳәм жеңилликлер жаратылды.

Усындай әмелий ҳәрекетлер нәтийжесинде елимизде миллий өнерментшилик көркем өнери жедел раўажланып бармақта. Өзбек миллий өнерментшилигиниң орайы болған Ферғана ўәлаяты Марғыланның атлас ҳәм адраслары, Риштонның гүлалшылық көркем өнери, Қоқандтың ағаш оймакерлиги ҳәм нағыс ойыў мектеплери менен дүньяға белгили. Марғылан ҳәм оған тутас районларда гезлеме ҳәм гилем тоқымашылығы, миллий липас ҳәм аяқ кийим таярлаў менен 3 мыңға шамалас, Риштон районында дәстүрий гүлалшылық пенен 5 мыңнан аслам, Қоқанд қаласы ҳәм оған тутас аймақларда ағаш оймакерлиги, зергерлик сыяқлы өнерментшилик түрлери менен 10 мыңға шамалас шаңарақлар шуғылланады. Ҳәр жылы усы тараўда мыңлаған жаңа жумыс орынлары жаратылмақта.

Өткен еки жыл даўамында Ферғана ўәлаятындағы барлық қала ҳәм районларда жәми 21 өзинде «уста-шәкирт» дәстүрлерин жәмлеген заманагөй «Өнерментлер орайлары» қурып питкерилди. Риштон районында төрт гүлалшылыққа қәнигелескен өнерментлер орайы қурылды, еки гүлалшылық мәҳәллеси шөлкемлестирилди.

Бүгин қолы гүл уста ҳәм устазадалар халық өнерментшилигиниң ҳәр қыйлы тараўларында әййемги дәстүрлерди заманагөй тәжирийбе ҳәм жаңалықлар менен үйлестирген ҳалда үлкен жетискенлик ҳәм нәтийжелерге ериспекте. Миллий өнерментшиликтиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған, қәбилетли шәкиртлер тәрбиялап, өзиниң дөретиўшилик мектебин жаратқан мийнеткеш усталар хошаметленип, олардың мийнети айрықша тән алынып атыр.

Өнерментшилик халқымыздың күнделикли турмысынан күн сайын беккем орын ийелемекте. Екинши мәрте шөлкемлестирилип атырған халықаралық өнерментшилик фестивалы тараў ўәкиллери ушын үлкен имканият есиклерин ашпақта. Атап айтқанда, Ҳўқанди қаласында жаңа өнерментшилик мектеплери раўажланбақта.

Қоқанд қаласындағы Орда майданы бүгин және де берекетли. Майдан орайында қурылған, фестиваль руўхына сәйкес безелген амфитеатрға мыңлаған нәзерлер тасланған. Халықаралық фестивальдың ашылыў мәресимине жыйналған адамлардың жүзиндеги кеўли толыўшылық, қуўаныш кеўиллерден кеўиллерге көшип атырғандай. Олардың арасында әнжуман қатнасыўшылары ҳәм мийманлары, шебер өнерментлер, белгили мәденият ғайраткерлери, көркем өнертаныўшы илимпазлар, сырт ел мийманлары ҳәм жергиликли журналистлер, туристлер бар.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң II Халықаралық өнерментшилик фестивалының қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын Президент Администрациясы Социаллық раўажланыў департаментиниң басшысы Одилжан Абдураҳмонов оқып еситтирди.

Илажда шығып сөйлеген Пүткил жер жүзилик өнерментлер кеңесиниң президенти Саад Ал Қаддумий Өзбекстанда мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў, әсиресе, өнерментшиликти қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанын, халықаралық өнерментшилик фестивалы мине, усы ҳәрекетлердиң жоқары үлгиси екенин атап өтти.

Бул илаждың Қоқанд қаласында өткерилиўи ферғаналыларды айрықша қуўандырмақта. Екинши мәрте өткерилип атырған бул байрам кең көлемли болып, онда 70 елден мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, усталар әўлады болған өнерментлер, халық әмелий көркем өнери шеберлери, қәнигелер, тараў илимпазлары, ҳүрметли мийманлар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери қатнаспақта.

2019-жылы биринши рет өткерилген халықаралық өнерментшилик фестивалында Қоқанд қаласына дүнья өнерментлер қаласы статусы берилди. Қоқанд әййем-әййемнен өнерментшилик раўажланған мәдений орайлардан бири болып келген. Бул жерде өнерментшилик ҳәм халық әмелий көркем өнериниң түрли бағдарлары жоқары дәрежеде раўажланған. Устаз-шәкир дәстүрлери, өнерментшилик бойынша шаңарақлық династиялар оның сырларын ата-бабалардан әўладларға жеткерип келмекте. Ҳәзирги күнде де Қоқанд қаласында өнерментшилик дәстүрлери избе-из раўажланбақта. Атап айтқанда, ағаш оймакерлиги, чилангарлик, зергерлик сыяқлы өнерментшиликтиң көплеген түрлери раўажланбақта.

2019-жылы биринши мәрте өткерилген халықаралық өнерментшилик фестивалында 78 мәмлекеттен 570 қатнасыўшы, елимиздиң 14 аймағынан болса 1000 нан аслам жергиликли өнерментлеримиз қатнасып, илажға бир миллионнан артық сырт ел туристлери келген. Бул абырайлы илаждың өткерилиўи нәтийжелерине бола, Қоқанд қаласына туристлер ағымы 10 есеге, өнерментлер саны 3,5 есеге, мийманлар 2,5 есеге көбейди.

Қала орайындағы саўлатлы майдан бойлап жағымлы нама тарқалды. Бул намалар жүреклерге терең сиңип, кеўилдиң нәзик тарларын шертеди. Жүреклерди толқытып, заўық бағышлайды. Наманың сыйқыры, нәзик үни, музыка қүдиретиниң әмелдеги көриниси болып есапланады.

Халықаралық өнерментшилик фестивалының ашылыў мәресиминдеги классикалық қосықлар, фольклор үлгилери, жәҳән музыка ҳәм қосықшылық көркем өнериниң сийрек гезлесетуғын үлгилери, дилбар аяқ-ойынлары, кеўиллерди йошландырады. Тамашагөйлер жүрекке жақын қосықларға қосылады, шох қосық-ырғақлардан заўықы артып, аяқ-ойын ойнайды.

Фестивальға таярлық процесинде Қоқандта кең көлемли қурылыс-дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылды. Тарийхый зыярат етиў орынлары, қала көшелери, имарат-объектлерде капитал оңлаў, абаданластырыў жумыслары алып барылды. Усы тәризде тарийхый кент бүгин толық жаңаша көринисте болмақта.

Абырайлы илажға үнлес ҳалда Риштан районында халықаралық гүлалшылық форумы өткериледи. Илаждың биринши күнинде сырт ел ҳәм жергиликли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында «Дәстүрий көркем өнерментшиликти сақлаў ҳәм раўажландырыў тараўында жәҳән әмелияты» темасында илимий-әмелий конференция шөлкемлестирилди.

Фестиваль шеңберинде бир қатар илажлар, жергиликли ҳәм сырт ел өнерментлериниң өнимлери көргизбе-саўдасы, фестивальды өткериў ҳәм жуўмақлары бойынша баспасөз әнжуманлары, этно-мода көрсетиўлери, халық сейиллери, қуўыршақпазлық ҳәм дәрўазлар тамашалары, ўәлаятлардың фольклорлық жәмәәтлери ҳәм мәденият басқармаларының концерт бағдарламалары, палаў таңлаўлары, гүлалшылық өнимлери көргизбе-саўдасы, шебер гүлалшылар қаласы Риштан ҳәм Фурқат районы бойлап саяхат өткериледи.

Салтанатлы мәресим елимиз көркем өнер шеберлери, жас атқарыўшыларының шох ҳәм кеўилди көтериўши қосықлары менен даўам етти. Қоқанд аспаны бойлап атылған салютлар кеўиллерге қуўаныш, қәлиблерге шадлық бағышлады.

Бул фестиваль тек ғана көп миллетли халқымыз емес, ал пүткил дүнья өнерментлериниң байрамы да болып табылады. Фестиваль көлеминиң кеңлиги оның дүнья халықларының мәдениятын байланыстырыўшы әҳмийетли көпир болатуғынынан дәрек береди.

Маъсуджан СУЛАЙМОНОВ,
ӨзАның хабаршысы