Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында жас әўладты Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм оларды ҳәр қыйлы руўхый қәўиплерден қорғаў мақсетинде, «Мақсетимиз-тынышлық, татыўлық» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти.

Илажды филиал директоры, профессор Байрам Еримбетов ашты ҳәм басқарып барды.

Онда Дин ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша жетекши қәнигеси Ҳ. Ибрайымова,  Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Терроризмге қарсы гүресиў басқармасы бөлим баслығы Р.Нуржанов, АИЖСке қарсы гүресиў орайы шыпакери У.Төлепбергеновалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде жаслардың оқып билим алыўы, заманагөй кәсип-өнер ийелеўи ушын мәмлекетимизде жаратылып атырған кең мүмкиншиликлер ҳаққында мақтаныш пенен айтып өтип, бул имканиятлардан жас әўлад ўәкиллери нәтийжели пайдаланыў кереклиги туўралы өзлериниң баҳалы мәсләҳәтлерин берди.

-Елимиздиң ертеңги жарқын келешеги жоқары билимли, жетик қәнигелер қолында. Олар қаншелли тәрбиялы, илимли болса, мәмлекетимиздиң ертеңги күни де айдын болады,-дейди баянатшылардың бири Ҳүрайым Ибрайымова.


Сондай-ақ, илажда баянатшылар тәрепинен жасларға социаллық тармақларда жәрияланып атырған ҳәр қыйлы бузғыншы идеялар тәсирине түсип қалмаў бойынша да кең түрде түсиниклер берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы