Өзбекстан Экологиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен Дүнья жүзилик тазалық күни мүнәсибети менен Нөкис қаласындаТаза қалаэкологиялық акциясы өткерилди.

Илажда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының бир қатар белсенди студент-жаслары қатнасты.

Мағлыўмат ушын, “Тазалық күни” ең дәслеп Эстонияда 2008-жылы шөлкемлестирилип, онда 50 мыңнан аслам кеўиллилер қатнасқан ҳәм мәмлекетти шығындылардан тазалаў ушын бирге ҳәрекет еткен. Дүнья бойлап ҳәр жылы сентябрь айының үшинши шембиси күни “World clean up day”, яғный  “Дүнья жүзилик тазалық күни” акциялары өткериледи. Бир күн даўамында 180 нен аслам мәмлекет кеўиллилери бир мақсет жолында бирлеседи.

Өзбекстанда тунғыш рет “Дүнья жүзилик тазалық күни” 2019-жылы өткерилди ҳәм соннан берли ҳәр жылы республикамыз бойлап усы сәне кең түрде белгиленип киятыр. Журтымызда “Ақыллы қала (район)” принципи тийкарында аймақлар онлайн бақлаўға алынған болып, нәтийжеде соңғы ўақытлары айырым пуқаралардың шығындыларды белгиленбеген орынларға таслап кетиўи үлкен жәриймаларға себеп болып атырғаны сыр емес. Арнаўлы хызмет көликлери турмыслық шығындыларды алып шығып кетиў ушын алдынғы шаўқымлы сигналдан басқаша, жағымлы нама астында ислеп атырғаны да халық ушын жаратылған қолайлықлардан бири.

 Бүгин жасларға шығындылар менен байланыслы әне сондай ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, пуқаралар жыйынларында көшелерде тазалықты сақлаў, “Тазалық күни”ниң мазмун-мәниси, әҳмийети түсиндирилип, биргеликте жақын әтирап шығындылардан тазаланды. Илажға белсене қатнасқанларға алғыснама ҳәм сыйлықлар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги