Мәмлекетимиздиң сыртқы саўда айланысында әҳмийетли орын ийелейтуғын сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларын қоллап-қуўатлаў, товарлардың экспорт ҳәм импортын әмелге асырыўда оларға әмелий жәрдем бериў, атап айтқанда, бажыхана рәсмийлестириўиниң әпиўайыластырылған түринде усынып атырған жеңилликлер ҳәм қолайлық ҳаққында таныстырыў мақсетинде бажыхана уйымлары тәрепинен орынларда ушырасыўлар ҳәм оқыў-семинарлар өткерилмекте.

Бажыхана комитети Орайлық бажыхана лабораториясының жуўапкер хызметкерлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында аймақта жумыс алып барып атырған экспортёр ҳәм импортёрлардың қатнасыўында шөлкемлестирилген ушырасыўда «Товарларды сыртқы экономикалық жумыс товарлар номенклатурасы бойынша классификациялаў бойынша дәслепки қарарды қабыл етиў тәртиби»не байланыслы көрсетпелер ҳаққында пикир жүргизилди.

Сондай-ақ, бажыхана уйымлары тәрепинен усынылыўы жолға қойылған товар коды бойынша дәслепки қарар ҳәм оның абзаллықлары ҳаққында түсиник берилди. Буннан былай сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшылары бажыхана уйымларының рәсмий веб-сайты ямаса «Бажыхана уйымлары бир айна хызметлери» арқалы мүрәжат етип, товарлардың СЭЖТН коды бойынша дәслепки қарарды аралықтан турып алыў имканияты жаратылғаны ҳәм бул имканияттан барлық түрдеги исбилерменлик субъектлери пайдаланыўы мүмкин екени атап өтилди.

Буннан кейин Орайлық бажыхана лабораториясының жуўапкер ўәкиллери тәрепинен басқарманың жеке қурамы менен товарлардың сыртқы экономикалық жумыс товар номенклатурасы бойынша кодин белгилеўге бағышланған оқыў-семинар болып өтти. Онда товарлар СЭЖТН кодын белгилеўде жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер сын көзқарастан көрип шығылып, ҳәр бир товар өзгешеликлери тийкарында кодын белгилеў нюанслары түсиндирилди.

Бундай ушырасыў ҳәм оқыў-семинарлар сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына жақыннан жәрдем бериў менен бирге, мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеўге ҳәм бажыхана хызметкерлериниң билим дәрежеси турақлы арттырылыўына хызмет етеди.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы