Бул ҳаққында МҒКА да өткерилген брифингте Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардыӊ ҳуқықларын қорғаў комитети басшылығыныӊ орынбасары Асадулла Қаюмов мәлим етти.

Социаллық тармақларда эстрада жулдызлары, спортшылар ҳәм блогерлер тәрепинен тотализаторлар ҳәм букмекерлик хызметлерин реклама етиў жағдайлары бойынша ишки ислер уйымларына 11 хат киргизилген.

Комитет тәрепинен реклама бериўши ( таярлаўшы, тарқатыўшы, буйыртпа бериўши)лерди нызам талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша ҳәр түрли тараў ҳәм бағдарда 400 ден артық ескертиў хаты берилди.

Соӊғы жыллары ғалаба ен жайып баратырған мәлимлеме алмасыў ҳәм тарқатыў дәреги есапланған социаллық тармақларда 4 500 ден артық рекламалар бойынша изертлеўлер өткерилген, соннан (Facebook – 144, Instagram – 344, Telegram – 4 108 ) нызам бузылыў жағдайлары анықланған ҳәм сапластырылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги