Нөкис қаласында пуқараларға көп функциялы миграция хызметлерин көрсетиў орайының жаңа имаратының ашылыў мәресими өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Сыртқы мийнет миграцияси агентлигиниң басшылары, қәнигелери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң баслығы Ж.Хидайходжаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри С.Турманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жылларда мәмлекетимизде мийнет миграциясын тәртипке салыў, миграция географиясын кеңейтиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, мийнет мигрантлары ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын әмелдеги мүмкиншиликлер менен жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип, бул жаңа имараттың сырт елде жумыс ислеўди қәлеўши пуқараларға сапалы хызмет көрсетиўдеги әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде сырт елде ислеўди қәлеўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кетиўден алдын шет тиллерине ҳәм ҳәр қыйлы кәсиплерге оқытыў, мәнзилли ҳәм қәўипсиз жумысларға тартыў әҳмийетли ўазыйпаға айланған.

Бул жумысларда Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанындағы Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң жумыслары да үлкен әҳмийетке ийе.









Өткен жылы Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы аймақларын комплексли раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўдеги машқалаларды сапластырыў бойынша, соның ишинде, аймақлардағы сырт елде жумыс ислеўди қәлеўши пуқараларға сыртқы мийнет миграциясына байланыслы хызметлерди көрсетиўдиң сапасын ҳәм көлемин арттырыў мақсетинде Нөкис қаласында көп функциялы миграция орайын шөлкемлестириў белгиленген еди. Өткен бир жыл даўамында Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги тәрепинен усы ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги менен биргеликте зәрүр илажлар әмелге асырылды.

Усы миграция орайын шөлкемлестириў ушын министрликтиң ҳәкимшилик имаратында пайдаланылмай бос турған  400 квадрат метрлик майдан ажыратылып, ол жерде дерлик 800 миллион сумлық қурылыс-монтажлаў жумыслары әмелге асырылған.

Нәтийжеде, мийнет мигрантлары ушын оннан аслам түрдеги хызметлерди бир жерден көрсетиў мүмкиншилиги пайда болды.

Бүгинги күнде усы агентликтиң Россия Федерациясы, Қубла Корея, Қазақстан, Түркия мәмлекетлеринде ўәкилханалары ҳәм республикамыздың барлық аймақларында филиаллары жумыс ислеп турыпты.

Илаж даўамында республикамыздан сырт елде ислеўди қәлеўши пуқаралар менен агентлик администрациясының көшпели қабыллаўы ҳәм сырт ел жумыс бериўшилериниң мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Усы жылдың өткен дәўири даўамында агентлик тәрепинен 25 мыңнан аслам жерлесимиз сырт еллердеги бир қатар мәнзилли жумысларға орналастырылғанлығын атап өтиў керек.

 Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери