МҒКАда АЖМ басшылығында ҳәм қәнигелердиң қатнасыўында болып өткен баспасөз конференциясында халық ҳәм аймақларды қорғаў бойынша алып барылып атырған жумысларды таллаўдың жуўмақлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Онда, 40 процент үскенелерден надурыс пайдаланыў, 23 процент өрттен абайсызлық пенен пайдаланыў, 14 процент ысытыў печьлери ҳәм газ үскенелерин орнатыў, олардан пайдалыныўда өрт қәўипсизлиги талапларына әмел етпеў, 5 процент транспорт қуралларынан пайдаланыў ҳәм дүзилис қағыйдаларын бузыўдан, 2 проценти технологиялық ҳәдийселерден ҳәм технологиялық процесстиң бузылыўынан ҳәм басқа да себеплерге бола өртлер келип шыққанлығы атап өтилген.

Өрт-қутқарыў арнаўлы бөлимлери тәрепинен 13 млн. 606 674 халықтың турақ жайларында адамларға өрт қәўипсизлиги бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги