Бүгин, 1-август күни 2023-2024-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары басланды.

Тест сынақлары күнине еки сменада, биринши смена 08:00 ден 11:00 ге шекем, екинши смена 15:00 ден 18:00 ге шекем болып өтеди.

Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде де абитуриентлер тест сынақларына қатнаспақта.


– Бул жерде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тәрепинен абитуриентлердиң ата-аналары ушын күтиў орынлары, тест процесин онлайн бақлаў имканияты, сондай-ақ, басқа да зәрүр шараятлар жаратылды,-дейди институттың баспасөз хаткери И.Матеков.






Соның менен бирге, ата-аналардың тест процеси ҳаққындағы пикирлерин үйрениў мақсетинде институт волонтёрлары тәрепинен социологиялық сораўнамалар өткерилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги