«Социаллық қорғаўға  мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент пәрманы (ПП-120-санлы, 28.07.2023-ж.) қабыл етилди.

Пәрманға бола, 2023-жыл 1-августтан:

Зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – айына 568 000 сум;

Мийнет стажы толық болмаған ўақтағы жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – айына 568 000 сум;

Басқалардың күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың тәрбиясы менен бәнт болған баланың нызамлы ўәкилине берилетуғын напақа муғдары – айына 568 000 сум;

Бағыўшысын жойытқаны напақасын алыўшылардың бир мийнетке уқыпсыз шаңарақ ағзасы ушын напақа муғдары – айына 568 000 сум ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке уқыпсыз шаңарақ ағзасы ушын 198 000 сум етип белгиленеди;

Бағыўшысын жойытқаны пенсиясын алыўшылардың бир мийнетке уқыпсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең аз муғдары – айына 568 000 сум етип белгиленип, кейинги ҳәр бир мийнетке уқыпсыз шаңарақ ағзасы ушын әмелдеги тәртипке муўапық пенсия төленеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги