Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети тәрепинен 2023-2024-оқыў жылында оқыўға қабыллаў процесслеринде абитуриентлердиң ата-аналарының пикир-усынысларын, машқалаларын үйрениў мақсетинде жумысшы топар дүзилген еди.

Олар тәрепинен усы жылдың 24-июль сәнесинен баслап, кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары өткерилип атырған орынларда ата-аналар менен билимлендириў системасындағы алып барылып атырған реформалар, сондай-ақ, алдағы ўақытлары күтилип атырған нәтийжелер ҳаққында  сәўбетлесиўлер, сораўнамалар өткерилмекте.

– Усы тийкарда университетимизде 1-13-август күнлери болып өтетуғын тест имтиханлары алдынан жумысшы топар ағзаларының қатнасыўында семинар болып өтти,-дейди университеттиң баспасөз хаткери А.Абибуллаев. – Семинарда жумысшы топар ағзаларының ҳәр бирине тәжирийбели оқытыўшылар тәрепинен жол-жобалар берилди.





Жумысшы  топарларды дүзиўден гөзленген тийкарғы мақсет, жоқары оқыў орынларына кириў процесинде имтихан тапсырып атырған жаслардың ата-аналарының пикирлерин үйрениў, сондай-ақ, олардың өткерилип атырған имтихан процесинде әдиллик ҳәм ашық-айдынлыққа итибар қаратылғанлығы бойынша пикирлерин жыйнаў.

Соның менен бирге, жаратылған кең мүмкиншиликлер, шараятларға болған мүнәсибетлерин үйрениў болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги