Қарақалпақстанның тарийхы, мәденияты, үрп-әдетлери, флора ҳәм фаунасы, дыққатқа ылайық орынлар ҳәм туристлик инфраструктурасы ҳаққында бир қатар мәмлекетлердиң ҒҲҚда медиаматериаллар кең халық қатламына усынылып барылмақта. Соның ишинде, Ҳиндстанның «The Indian Express» газетасында Қарақалпақстанның тийкарғы туристлик бағдарларынан бири болған Мойнақ районы ҳәм Арал теңизи ҳаққында мақала жәрияланды.

Мақалада аймақтың қысқаша тарийхы, өтмиштеги Арал теңизиниң қурыўы ҳәм бүгинги күнде Мойнақ районы ең белгили туристлик орынға айланғаны, кейинги жылларда бул жерде хостел ҳәм мийманханалардың көбейип барыўы, тәбийғый апатшылыққа байланыслы болған жаңа туризм бағдарының раўажланыўы жергиликли халық ушын жаңа үмит оятып атырғаны айтып өтилген.

Соның менен бир қатарда мақаланың авторы Арал теңизи тарийхый музейи, Кемелер қойымшылығы, Арал теңизи жағасындағы қара үйлер комплекси ҳәм ол жердеги шараятлар, интернет тармағы ҳәм мобиль байланыс болмаған ҳәм цивилизациядан оғада алыс болған эсктремал туристлик орынлар ҳаққында атап өткен.

Мағлыўмат сыпатында, «The Indian Express» газетасы инглис тилинде болып, 1931-жылдан берли шығып келмекте. Ҳәр күни 300 мыңнан аслам тиражға ийе бул газетаның электрон варианты – indianexpress.com веб-сайты ҳәр айда 60 миллион интернет пайдаланыўшыларын тартады ҳәм дүнья жүзиндеги ең ири жаңалықлар сайтларының бири болып есапланады.

Мағлыўмат ушын усы жылдың 31-май – 5-июнь күнлери Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлигиниң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен бир қатар сырт ел ҒХҚ ўәкиллери ушын Қарақалпақстан Республикасының дыққатқа ылайық орынлары бойлап кең көлемли пресс-тур шөлкемлестирилди. Пресс-турда Уллы Британия, Испания, Финляндия, Ҳиндстан ҳәм Индонезия мәмлекетлеринен “The Caspian Post”, “Lonely Planet”, “Metro TV”, “The Travel Magazine”, “Indian Express”, “Alonesia” сыяқлы блог телеканал ҳәм басылымлардың фотограф, хабаршы ҳәм телебаслаўшылары қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги