Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында концерт бағдарламасы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң елимиз жасларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм республикамыз жасларын байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде жасларға бурын болмаған айрықша итибарын қаратылып, жаслар оннан нәтийжели пайдаланған ҳалда  елимиздиң гүллеп-раўажланыўына өзлериниӊ салмақлы үлеслерин қосып келмекте. Жаслар күни шын мәнисинде жаслардың ең сүйип күтетуғын байрамына айланған. Быйылғы жылы да Июнь– жаслар айлығы деп  белгиленип, онда ушырасыў кешелери, дөгерек сәўбетлери, спорт жарыслары, кеўилашар ҳәм заўықлы кешелер өткерилди. Ең баслысы, жаслар айлығы мыӊлаған қәбилетли жасларды жәмлей алды.

Жоқары дәрежеде өткерилген байрам илажында өзиниң белсендилиги менен үлги болып, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған бир қатар жасларға ушырасыў соңында “Үмит ушқыны” көкирек белгиси, Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.


Қатнасыўшыларға мәденият ҳәм көркем өнер шеберлери, эстрадамыздыӊ белгили ўәкиллериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы айрықша заўық бағышлады.






Қарақалпақстан хабар агентлиги