Бозатаў районында Өзбекстан Экологиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Абдушукур Ҳамзаевтың Қарақалпақстандағы исенимли ўәкили Лейли Сеитованың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда исенимли ўәкил Л.Сеитова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, усы жыл 9-июль күни елимиз бойлап болып өтетуғын сиясий процесстиң әҳмийетине кеңнен тоқтап өтип, талабанның сайлаўалды бағдарламасы туўралы мағлыўматлар берилди.


Атап өтилгениндей, талабанның сайлаўалды бағдарламасы партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларына сәйкес түрде ислеп шығылған болып, онда тийкарынан мәмлекетимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, тәбийғый ресурслардан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў  сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген. «Жасыл» экономикаға өтиўди жеделлестириў арқалы халқымыздың қолайлы қоршаған орталыққа болған ҳуқықларын жүзеге шығарыў, халқымыз ҳәм келешек әўлад ушын мүнәсип турмыслық шараятлар жаратыў ҳәм абадан жәмийетти жаратыў тийкарғы мақсет етип белгиленген.

Сондай-ақ, жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм халықтың азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде жер ресурсларын қорғаў, олардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша ҳуқықый база «ақыллы» ҳәм ресурс үнемлеўши аўыл хожалығы принциплери тийкарында жетилистирилиўи атап өтилди.

Илажда қатнсыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Орынларда усы мазмундағы ушырасыўлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги