Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, усы жылдың 9-июль күни мүддетинен бурын Өзбекстан Республикасы Президентлигине болып өтетуғын сайлаўда Президентликке талабанлардың исенимли ўәкиллериниң қала ҳәм районларда сайлаўшылар менен ушырасыўлары өткерилмекте.

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан қатнасатуғын талабан Робахон Махмудованың Қарақалпақстандағы исенимли ўәкилиниң де бир қатар районларда сайлаўшылар менен ушырасыўлары өткерилди.

Мине усындай ушырасыўлар өткериў менен бир қатарда, халықтың көп жыйналатуғын орынларында сайлаўшыларға тарқатпа материаллар да тарқатылмақта.

Бүгинги өткерилген илаж Нөкис қаласындағы Темир жол вокзалы әтирапында болып, ол жерде Робахон Махмудованың өмир баяны, мийнет жолы, сайлаўалды бағдарламасынан орын алған мақсет ҳәм идеялар жәмленген буклетлер тарқатылды.




 

Қарақалпақстан хабар агентлиги