Хожели районы ҳәкимиятында «Хожели районы – үлгили район» атамасында районлық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы  бөлиминиң жумысларына бағышланған семинар болып өтти.

Семинарға Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы, оның районлық бөлимлери ҳәм ўәлаятлардағы районлық бөлимлериниң қәнигелери қатнасты.

Семинарда район ҳәкими Ж.Ермашев, Өзбекстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң баслығы Б.Юсупалиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп тараўда әмелге асырылып атырған жумыслардың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Хожели  районлық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими баслығы М.Утениязов шығып сөйлеп, бөлим тәрепинен әмелге асырылған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.

Ерисилген жетискенликлер атап өтилип, ўәлаятлар арасында өз-ара байланысты беккемлеў, тәжирийбе алмасыў, жол қойылған қәте-кемшиликлерди өз ўақтында сапаластырыў ҳәм келешекте алдын алыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Семинарда Хожели районлық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиң тараўға қаратып атырған итибары, жетискенликлери жоқары баҳаланып, миннетдаршылық билдирилди ҳәм тараўды еле де раўажландырыў мақсетинде бөлимге 50 миллион сумлық сертификат тапсырылды.




Семинар даўамында ўәлаятлардан келген мийманлар ушын медиа-тур да шөлкемлестирилди. Мийманлар республикамыздағы ең үлгили деп есапланған, барлық қолайлықларға ийе болған Хожели районы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминде жаратылған шараятлар, жумыс барысы, процесслери менен таныстырылды. Олар халықтың қәўипсизлигин ҳәм саламат турмыс-тәризин тәмийинлеў  мақсетинде жаратылған заман талапларына сай шараятлар ҳәм лабораториялардың жумыслары менен жақыннан танысып шықты.







Қатнасыўшылардың пикир-усыныслары да тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги