«20232024-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы Президент Бийлиги (Б-31-санлы, 15.06.2023 ж.) қабыл етилди.

Бийликке муўапық, 2023-2024-оқыў жылы ушын мәмлекетлик Жоқары билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик грант квоталары:

– бакалавриат бойынша күндизги билимлендириў түрине – 34 860;

– магистратура бойынша – 8 923 етип тастыйықланды.

Системада Жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлар және финанслық еркинлик берилген ЖБМлар тийкарындағы қабыллаў параметрлерин 2023-жыл 20-июньға шекем тастыйықлайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги