Елимизде «Ҳаж» ҳәм «Умра» илажларын шөлкемлестириў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 7-июньдеги «Ҳаж» ҳәм «Умра» илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериўди және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында әмелге асырылады. Усы ҳүжжет тийкарында дүзилген  «Ҳаж» ҳәм «Умра» илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша Жәмийетшилик Кеңеси ағзалары қатарында усы муқаддес ибадатларды шөлкемлестириў тиккелей Дин ислери бойынша комитет ҳәм Өзбекстан мусылманлары қазыятына жүкленген.

Республикамыздан 336 пуқара ислам дининиң муқаддес парызын орынлаў ушын мүбәрек Ҳаж зыяратына Нөкис ҳәм Үргенш аэропортларынан жөнеп кетти.



Оларды шығарып салыўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Баўатдинов, Нөкис Имам ийшан Муҳаммед жомъе мешити ҳәм Муҳаммед ибн Ахмед аль Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журты, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

«Ҳаж – 2023» мәўсиминде зыяратшылардың саў-саламат ҳәм ибадатларын толық орынлап келиўин тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасынан кеткен 336 зыяратшының Саудия Арабстанына барыўы, ол жерде болыўы ҳәм қайтып келиўине Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы Нөкис қаласы «Ережеп бий», «Сәлмен ийшан», Беруний районы «Қайырлы баба», Төрткүл районы «Шорахан», Әмиўдәрья районы «Яқуб ийшан», Мойнақ районы «Тоқпақ ата» мешитлериниң имам-хатиблери ҳәм Нөкис медресеси оқытыўшылары басшылық етип кетти.

Усы шөлкемлер тәрепинен зыяратшылардың саў-саламат ҳәм ибадатларын толық орынлап келиўин тәмийинлеў мақсетинде Саудия Арабстанына тийисли министрликлер менен зыяратшыларға хызмет көрсететуғын мәкемелер, мийманханалар, транспорт ҳәм азық-аўқат кәрханалары менен шәртнамалар дүзилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги