Жаз балалардың ең сүйикли мәўсими. Себеби, мектептеги оқыў жуўмақланып, жазғы дем алысқа шыққаннан соң оларды тәбият қушағында жайласқан дем алыў орайлары қарсы алады.

Елликқала районында да балаларды жазғы дем алдырыў мәўсимине пуқта таярлық көрилди.

Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен райондағы «Арал балалары» жазғы дем алыў орайында 2023-жылғы мәўсимниң екинши гезегиниң ашылыўына бағышлап өткерилген илажда усылар ҳаққында сөз болды. «Ақшакөл»диң бойында жайласқан бул жазғы дем алыў орайы ҳәр жылы өз қушағына 5 сменада 1 мың 200 ден аслам баланы қабыл етеди. Тәбият қушағында дем алыў, спорт ойынлары ҳәм беллесиўлер, жаңа дослар арттырыў сыяқлы балалар ушын қызықлы мәўритлер усы орайда әмелге асады.





«Арал балалары» жазғы дем алыў орайы екинши гезекте және 240 баланы өз қушағына алды. Ашылыў илажында Кеңестиң баслығы, сенатор У.Жалменов, район ҳәкиминиң орынбасары У.Ражапбаев ҳәм басқалар дем алыў орайына келген балаларға жаратылған шараятлар менен танысты. Бул жерде балалардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, тойымлы ҳәм пайдалы аўқатлар, бассейн, спорт дөгереклери, китапхана балалар хызметине таяр етип қойылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги