Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зайниддин Низамходжаев Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы ҳәм округ аймағындағы сайлаў участкаларында усы жылдың 9-июль күни болып өтетуғын сиясий кампанияга көрилип атырған таярлық жумыслары менен танысты.

Дәслеп Орайлық сайлаў коммиссиясының баслығы 1-Қарақалпақстан сайлаў округинде жаратылған шараятлар менен танысты.  Сондай-ақ, округлик сайлаў комиссиясының ағзалары менен ушырасып, сайлаўға таярлық көриў барысында әмелге асырылатуғын илажлар менен танысты.

Ушырасыў даўамында болажақ сиясий илаж сайлаў участкаларында болыўын, участкалық сайлаў комимссиялары жумысының әҳмийетин есапқа алып, олар ушын айрықша оқыў-методикалық қолланба ислеп шығылғаны атап өтилди. Илажда бул қолланба ҳәм сайлаўшыларды сайлаў күни даўыс бериўде қатнасыў “Мирәтнамасы” комиссия ағзаларына таныстырылды.








Атап өтилгениндей, бул сиясий процесске шақырыў “Мирәтнамасы”ның өткендегилерде парқы, ҳәр бир сайлаўшыға емес, бир шаңараққа биреўи бериледи. Онда сайлаў ҳуқықына ийе болған сайлаўшылар мирәт етилген. Сондай-ақ, сапалы қағазға басылған мирәтнамада арнаўлы QR код болып, сайлаўшылар мобил қосымшалары арқалы сайлаў нызамшылығына байланыслы мағлыўматлар менен танысыўына болады.

Ушырасыўда З.Низамходжаев округтеги сайлаўға көрилип атырған таярлық ҳәм шөлкемлестириўшилик жумысларына жоқары баҳа берип, сайлаў участкаларын үскенелеў, сайлаўшыларға зәрүр қолайлықларды жаратыўдың орны, оқыў семинарларын шөлкемлестириў,  сайлаўды жоқары дәрежеде өткериў бойынша усынысларын билдирди.

Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низамходжаев Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы  Б.Юнусов 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы Т.Атамуратов пенен биргеликте Нөкис қаласындағы сайлаў участкаларында болып, сиясий мапазға таярлық жумысларының барысы, сайлаўшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақтан хабар агентлиги