Тахтакөпир районында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 22-февральдағы  «Улыўма орта билим бериў мәкемелери ҳәм академиялық лицейлер питкериўшилерин хошаметлеўди және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 154-санлы қарары тийкарында, районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң қәбилетли питкериўшилерин алтын ҳәм гүмис медальлары менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Оған район басшылары, аймақтағы мектеп директорлары, оқыўшы жаслар ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.

Илажда район ҳәкими Ж.Адилов, районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы М.Алламбергеновалар шығып сөйлеп, мектеп питкериўшилерин қолға киргизген жетискенликлери менен шын кеўилден қутлықлап,  ағла питкериўшилерге  алтын ҳәм гүмис медальларды, олардың  ата-аналарына район ҳәкимлиги тәрепинен Ҳүрмет  жарлықлары, миннетдаршылық хатлары ҳәм  естелик саўғаларын салтанатлы түрде тапсырды.






– Мен ушын бүгин умытылмас күн болып есапланады,-дейди Жайна Абилазизова.- Себеби, мен 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебин алтын медаль менен питкерип атырман. Бул тек ғана маған емес, ата-анам, устазларым ҳәм мектебим ушын да үлкен қуўаныш болды. Мен өзиме билдирилген исенимди толық ақлап шығыўға ҳәрекет етемен.

Сыйлықлаў мәресими районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы