Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Түркия мәмлекетиниң Артук жумысты бөлип алып ислеўши энергетика инженерлиги қурылыс ҳәм сыртқы саўда ЖШЖ директоры Хайдар Дердичок ҳәм қаржы бойынша жуўапкер Тамер Акбаирды қабыл етти.

Онда Елликқала районы орайында режелестирилген киши қала қурылысының жойбарын әмелге асырыў ҳаққында сөз етилди. Инвесторлар тәрепинен усынылып атырған жойбарда көп қабатлы турақ жайлардан ибарат жаңа, инфраструктура менен тәмийинленген киши қала қурыў белгиленген болып, онда бир қатар социаллық объектлердиң қурылысын әмелге асырыў нәзерде тутылған.  Алдағы ўақытта Туркия тәжирийбеси тийкарында көп қабатлы турақ жайлар массивлерин тиклеў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, бул бағдардағы бир қатар мәселелер көрип шығылды. Соның менен бирге еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша келисим мәселеси талқыланды.







Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы аймақлардың инфраструктурасын ҳәм қала көринисин жақсылаў, ең баслысы, пуқараларымызға хызмет көрсететуғын  объектлердиң қурылысы бәрқулла қоллап-қуўатланатуғынлығын билдирди. Сондай-ақ, инвестициялық жаңа жойбарлары менен келген инвесторлардың ҳәр қандай басламасына кең мүмкиншиликлер жаратып берилетуғынлығын атап өтти.

Түркиялы инвестор усы күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов пенен ушырасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги