Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Кекселерди қоллап-қуўатлаў ҳәм пенсия алыўшылардың турмыс дәрежесин буннан былай да жақсылаў, олардың қалалық жолаўшы тасыў транспортынан пайдаланыўында қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде:

  1. 1. 2023-жыл 1-апрельден баслап Ташкент метрополитениниң толық жумыс алып барыў ўақты даўамында пенсия алыўшыларға бийпул хызмет көрсетилетуғыны.

Онда, Ташкент метрополитениниң усы бәнтте көрсетилген хызметлерди көрсетиў есабынан алынбай қалған дәраматлары Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қаплап берилетуғыны белгиленсин.

  1. 2. Экономика ҳәм қаржы министрлиги Транспорт министрлиги менен биргеликте усы қарардың 1-бәнтинде белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
  2. 3. Экономика ҳәм қаржы министрлиги:

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпаларын ғалаба хабар қуралларында ҳәм Интернет тармағында кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. 4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 15-март