6-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Еки тәреплеме қатнасықлар күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алысылды.

Товар алмасыўдың өсиў пәтлерин қоллап-қуўатлаў, еки мәмлекеттиң жетекши компаниялары ҳәм кәрханаларының қатнасыўында экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиў мәселелери додаланды.

Аймақлар аралық бирге ислесиўди және де раўажландырыў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекет басшылары регионаллық шериклик мәселелерин де көрип шықты.

ӨзА