Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қәдирлеў, олардың ийгликли арзыў-нийетлерин қоллап-қуўатлаў сондай-ақ, өзиниң таланты, излениўшеңлиги, әҳмийетли идеялары ҳәм басламалары, үлгили әмелий жумыслары ҳәм ерискен жетискенликлери менен елимиздиң жасларына өрнек болып киятырған, социаллық-экономикалық турмысымыздағы өзгерислер процесинде белсене қатнасып, Ўатанымыздың раўажланыўы жолында бар күш-ғайраты, заманагөй билим ҳәм тәжирийбеси, руўхый-интеллектуаллық потенциалын көрсетип атырған қызларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:

  1. Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық комиссиясының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының талантлы қызларын үлгили минез-қулқы, айрықша қәбилети, зийреклиги, интакерлиги, оқыўдағы табыслары ҳәм билимлендириў, илим, әдебият, көркем өнер, мәденият, спорт тараўларында ҳәм жәмийетлик жумысларда ерискен айрықша жетискенликлери ушын Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын.
  2. Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғанларға 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен өткерилетуғын байрам салтанатларында сыйлық дипломлары ҳәм көкирек белгилери тапсырылсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық ийелериниң ҳәр бирине базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық ийелериниң үлгили жумысы, олардың айрықша таланты ҳәм ерискен жетискенликлерин кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.Умурзаковқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 6-март

* * *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2023- жыл  6- марттағы ПҚ-85 санлы қарарына қосымша

 

 

Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғанлар

Дизими

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

Ниетбаева Ҳурлиман Аманбай қызы – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3-курс студенти

Самандарова Барно Тозабой қызы – Әмиўдәрья районындағы 35-улыўма орта билимлендириў мектебиниң 11-класс оқыўшысы