Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Инсан ҳуқықлары, соның ишинде, майыплығы болған шахслар ҳуқықларының кепилликлерин беккемлеў, инклюзив раўажланыў, халықтың барлық қатламлары тең ҳуқық ҳәм имканиятларға ийе болыўын тәмийинлеўдиң нәтийжели механизмлерин енгизиў, майыплығы болған шахслардың жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында қатнасыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Әдиллик министрлиги, Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай, Өзбекстан майыплар жәмийети, Өзбекстан майыплар ассоциациясы, Адвокатлар палатасы ҳәм жәмийетшиликтиң төмендеги усыныслары мақуллансын:

майыплығы болған мүтәж шахсларды заманагөй протез-ортопедия үскенелери  менен тәмийинлеў сондай-ақ, майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў мәкемелериниң үскенелерин модернизациялаў;

I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар, майыплығы болған балалар, оларға ғамхорлық етиўши пуқараларға мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлерден гезексиз пайдаланыў бойынша жеңилликлер бериў;

майыплығы болған шахслардың ҳуқықый кепилликлерин беккемлеў ҳәм оларға юридикалық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў.

  1. 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында халықтың мүтәж бөлимин заманагөй протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитация қураллары менен тәмийинлеў дәрежесин 60 процентке жеткериў белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Бул көрсеткишке ерисиў шеңберинде Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги 2023-жылы мүтәж шахсларды сырт ел технологиялары тийкарында таярланған сапалы заманагөй аяқ протез-ортопедия үскенелери, соның ишинде, «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген майыплығы болған шахслар сондай-ақ, I топар майыплығы болған шахсларды сан протези, балтыр протези ҳәм аяқ белбеўи ортопед аппаратлары менен бийпул тәмийинлесин.

  1. 3. а) 2023-жыл 1-сентябрьден баслап майыплығы болған шахсларды протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитациялаўдың техникалық қураллары менен тәмийинлеўде майыплығы болған шахслардан медициналық жуўмақ талап етиў бийкарланатуғыны белгиленсин.

Онда:

пуқараларды медициналық-социаллық экспертизадан өткериў ҳәм майыплықты белгилеў менен бир ўақытта тийисли протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитациялаўдың техникалық қуралларын алыў ушын медициналық жуўмақ медициналық-социаллық эксперт комиссиялары тәрепинен «Медициналық-социаллық экспертиза» электрон мәлимлеме системасына киргизиледи;

протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитациялаўдың техникалық қуралларын алыў ушын талап етилетуғын медициналық жуўмақтың бар екенлиги өз-ара мәлимлеме алмасыў арқалы анықланады;

«Медициналық-социаллық экспертиза» электрон мәлимлеме системасына киргизилген медициналық жуўмақ тийкарында усы мәлимлеме системасына интеграцияланған «Социаллық хызмет» электрон платформасында майыплығы белгиленген шахстың мүрәжаты (соның ишинде, электрон тәртипте) тийкарында протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитациялаўдың техникалық қуралларын алыў ушын электрон сертификат қәлиплестириледи;

б) майыплығы болған шахсларды «Социаллық хызмет» электрон платформасы арқалы, соның ишинде, заманагөй протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитациялаўдың техникалық қураллары менен тәмийинлеўде енгизилетуғын ашық-айдын электрон нәўбет шеңберинде «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген майыплығы болған шахсларға үстинлик бериледи.

Онда, протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитациялаўдың техникалық қураллары менен тәмийинлеў ушын сораўнамалар «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген майыплығы болған шахслар дизиминен бир сораўнама ҳәм улыўма дизимнен бир сораўнама тәртибинде гезекпе-гезек қәлиплестириледи.

  1. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги сондай-ақ, Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте 2023-жыл 1-июльге шекем майыплығы болған мүтәж шахслар тәмийинленетуғын протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитациялаўдың техникалық қуралларының дизимин кеңейтиў бойынша Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар, майыплығы болған балалар ҳәм оларға ғамхорлық етиўши (жолда алып жүриўши) бир пуқара ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен, соның ишинде, мәмлекетлик хызметлер орайлары, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, мәденият мәкемелеринде пуқаралардың тиккелей қатнасыўында (орнында) көрсетилетуғын хызметлерден нәўбетсиз пайдаланыў, мәмлекетлик уйымлардың басшылары (лаўазымлы шахслар)ның қабыллаўына нәўбетсиз кириў бойынша жеңиллик берилетуғыны белгилеп қойылсын.
  3. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2023-жыл 1-майдан баслап медицина мәкемелеринде емленип атырған майыплығы болған балаға ғамхорлық етиў ушын бул мәкемеде оның әкеси ямаса анасына (олардың орнын басыўшы шахсқа) ямаса шаңарақтың баланы тиккелей ғамхорлық етип атырған басқа ағзасына майыплығы болған баланың жанында бирге болыў ушын шараят жаратылады, соның ишинде:

стационар медицина мәкемелеринде майыплығы болған баланы тәрбиялап атырған шахсқа усы дәўир ушын мийнетке жарамсызлық бети бериледи;

балалықтан майыплығы болған шахсларға ғамхорлық етиўши шахслар (ата-анасы ҳәм басқалар) ушын емлеў дәўиринде мәмлекетлик стационар медициналық мәкемелеринде бийпул аўқатланыў жолға қойылады.

  1. Педиатрия медициналық-социаллық эксперт комиссиялары тәрепинен балалардың майыплығы болған шахс деп табылыўы тийкарлы екенлигин анықлаў мақсетинде оларды Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры район (қала)лық бөлимлериниң жолламасына тийкарланып қайтадан медициналық-социаллық экспертизаға жибериў тәртиби бийкар етилетуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Пуқараларға юридикалық жәрдем көрсетиў процесслерин санластырыў, адвокатура тараўын судлар ҳәм ҳуқық қорғаўшы уйымлар ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардың жумысы менен интеграциялаўды нәзерде тутыўшы «Юридикалық жәрдем» мәлимлеме системасының иске қосылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Майыплығы болған шахслардың ықтыярлы түрде бийпул жәрдем алыўына (pro bono) жәрдемлесиў ушын «Юридикалық жәрдем» мәлимлеме системасында адвокатлық структуралары ҳәм адвокатлар пайдаланыўы ушын ашық болған майыплығы болған шахслардың мүрәжатлары бөлими жаратылады.

Онда:

майыплығы болған шахслардың ықтыярлы түрде бийпул юридикалық жәрдем (pro bono) алыў бойынша мүрәжатлары «Юридикалық жәрдем» мәлимлеме системасына киргизиледи ҳәм ықтыярлы жәрдем көрсетилиўи ушын адвокатлық структуралары ҳәм адвокатлар итибарына жеткериледи;

ықтыярлы түрде бийпул юридикалық жәрдем көрсетиў тилегинде болған адвокатлық структуралар ҳәм адвокатлар ушын бундай жәрдем бериўдиң техникалық имканияты жаратылады;

адвокатлық структуралары ҳәм адвокатлардан олар көрсеткен ықтыярлы түрде бийпул юридикалық жәрдем (pro bono) ҳаққында есабат талап етилмейди.

  1. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги:

а) майыплығы болған шахслар, майыплығы болған балалар ҳәм оларға ғамхорлық етиўши шахсларға өз ҳуқықларынан пайдаланыўда қолайлық жаратыў мақсетинде:

Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги сондай-ақ, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2023-жыл 1-июньға шекем майыплығы болған шахслар ҳәм оларға ғамхорлық етиўши пуқаралар ушын нызамшылықта белгиленген жеңилликлердиң бирден-бир дизимин қәлиплестирсин ҳәм турақлы түрде жаңалап барсын;

Әдиллик министрлиги менен биргеликте майыплығы болған шахслар ҳәм оларға ғамхорлық етиўши пуқаралар ушын белгиленген жеңилликлердиң бирден-бир дизимин «Advice.uz» (e-maslahat.uz) ҳуқықый мәлимлеме порталында жәриялап, Интернет тармағы арқалы турақлы сәўлелендирип барыўды тәмийинлесин;

б) Әдиллик министрлиги, Бас прокуратура, Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай менен биргеликте үш ай мүддетте майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл етиўде дәслепки сынақ мүддетин қолланыў мәселесин алдыңғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында үйренип шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

  1. 2023-2024-оқыў жылынан баслап «Арнаўлы педагогика, дефектология» магистратура қәнигеликлери бойынша мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў толық мәмлекетлик грант тийкарында әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

Онда, мәмлекетлик грант тийкарында оқытыў мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына ажыратылған мәмлекетлик грант тийкарындағы улыўмалық қабыллаў параметрлери шеңберинде әмелге асырылады.

  1. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги:

2023-2024-оқыў жылына қабыллаў процесинен баслап қабыллаў тәртиби, тест сынақлары ҳаққында абитуриентлерге мағлыўмат бериў ушын таярланатуғын материаллар майыплығы болған шахслар ушын қолайлы форматта болыўы, соның ишинде, видероликлер сурдоаўдарма ямаса субтитрлер менен көрсетилиўин тәмийинлесин;

оқып атырған майыплығы болған студентлерге билимлендириў процесинде жәрдемлесиў ушын майыплығы болған шахстың шаңарақ ағзасы ямаса басқа да шахсларға жоқары билимлендириў мәкемесинде майыплығы болған шахстың жанында бирге болыўы ушын шараят жаратыў илажларын көрсин.

  1. Майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар режеси қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтағы «Майыплығы болған шахсларға көрсетилип атырған медициналық-социаллық хызметлердиң сапасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5217-санлы қарары 2-бәнтиниң үшинши абзацы төмендеги басылымда баян етилсин:

«балалар церебрал ләңи, омыртқа буўынының патологиялық сыныўы менен кеселленген балалар ҳәм үлкен жастағыларда еркин жүриў функцияларын қайта тиклеў ушын Майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў миллий орайы ҳәм оның аймақлық орайларын 2021-2022-жыллары 28, соннан 2021-жылы 14 заманагөй экзоскелет үскенеси, 2023-жылы роботластырылған локомат топлам ҳәм басқа да заманагөй реабилитациялаў үскенелери менен тәмийинлеў».

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги усы қарардың 2, 6 ҳәм 13-бәнтлеринде нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў 2023-жылы Мәмлекетлик бюджеттен тийисли тараўларға ажаратылған қаржылар шеңберинде әмелге асырылыўын, 2024-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде зәрүр қаржыларды есапқа алсын.
  2. Әдиллик министрлиги:

Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай ҳәм Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги менен биргеликте майыплығы болған шахсларға берилген жеңилликлер, майыплық белгиси бойынша кемситиўге жол қоймаў, майыплығы болған шахсларға өз ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплеринен пайдаланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳаққында кеңнен түсиндириў жумысларын әмелге асырсын;

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетиниң халық арасында түсиндирилиўин, ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы арқалы турақлы түрде ҳәм кең көлемде жарытылып барылыўын тәмийинлесин.

  1. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 27-февраль